25-декабрь күни пайтахтымыздағы «Humo Arena»  сарайында Өзбекстан жаслар форумы болып өтти.

Өтмиш, бүгинги күн, келешек – ата-бабалар, заманласлар, жаслар. Заманлар ҳәм әўладлар арасындағы өз-ара байланысларды мине усындай избе-изликте билдириў мүмкин. Өзбекстан әййемнен өзиниң бай тарийхы, ата-бабаларымыздың бийбаҳа мийрасы менен аты шыққан болса, бүгинги жаслар мине усы мийрасты көз қарашығындай қәстерлеп сақлаў, және де байытыў, пидәкерлик мийнети ҳәм умытылыслары менен барлық тараўларда елимиздиң күш-қүдиретин жоқарылатыў жолынан бармақта ҳәм уллы келешегимиздиң тийкарын қурмақта.

Президент Шавкат Мирзиёев елимиз жасларын билимли, жоқары потенциаллы, дүнья жаслары менен бәсекилесе алатуғын әўладлар етип тәрбиялаў мәселесине мәмлекет басшысы сыпатындағы жумысының биринши күнлеринен баслап айрықша итибар қаратпақта.  Бул мақсетте бир қатар пәрман ҳәм қарарлар, нызамлар қабыл етилип, турмысқа избе-из енгизилмекте.

Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, раўажланыўдың тийкары да, мәмлекетти қүдиретли, миллетти уллы ететуғын күш те илим, тәлим-тәрбия болып есапланады. Ертеңги күнимиз, келешек тәғдиримиз бүгинги жаслардың қандай тәлим-тәрбия алыўына байланыслы.

Усы жылы тәлим-тәрбия, жаслар мәселесинде тийкарғы реформалардың жаңа, бүгинги күн ушын және де әҳмийетли бағдарлары белгиленди. Президент Шавкат Мирзиёев Муғаллим ҳәм устазлар күнинде тараў ўәкиллерине жоллаған мүрәжатында және елимизде тәлим-тәрбия системасын жетилистириў мәселелери бойынша өткерген 30-октябрьдеги видеоселектор мәжилисинде бул бағдардағы ең әҳмийетли тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп берди.

Мәмлекетимиз басшысы 20-ноябрь күни Чиланзар районына сапары ўақтында Ташкент қаласының жаслары менен ушырасып, елимизде жаслардың пикир-усынысларына қулақ тутатуғын, оларды бир дөгеректе бирлестиретуғын форум шөлкемлестириў басламасын алға қойды. Мине усы баслама тийкарында Ташкент қаласында басланған форум илажлары және де кең көлемге ийе болып, елимиздиң барлық қала ҳәм районларында болып өтти.

«Humo Arena» сарайындағы илаж Өзбекстан жаслары форумының логикалық жуўмағы болды.

Президент Шавкат Мирзиёев мәмлекетимиз тарийхында бирнши мәрте өткерилип атырған усы ири форумда қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

– Мен ҳәр сапары жасларымыз бенен ушырасқанымда, сизлердиң ғайратыңыздан күш-қуўат аламан, кеўлим таўдай көтериледи. Ҳәр бириңиз жанажан Ўатанымыз ҳәм халқымызға шын кеўилден хызмет етиў әрманы менен жанып жасап атырғаныңызды жақсы билемен. Сизлерди Өзбекстанның ең үлкен байлығы, бийбаҳа ғәзийнеси сыпатында жоқары қәдирлеймен,-деди Шавкат Мирзиёев шығып сөйлеўиниң алдында.

-Биз елимизде қандай реформаларға қол урмайық, бәринен бурын, сиз сыяқлы жасларға, сизлердиң күш-ғайратыңызға, үлкен жигериңизге сүйенемиз. Барлығыңыз жақсы билесиз, бүгин өз алдымызға үлкен шеклерди қойғанбыз. Ана Ўатанымызда Үшинши Ренессанс тырнағын жаратыўға киристик. Биз шаңарақ, мектепке шекемги билимлендириў, мектеп ҳәм жоқары билимлендириўди және илимий-мәдений дәргайларды болажақ Ренессанстың ең әҳмийетли буўынлары деп есаплаймыз. Сол себепли мине усы тараўларда тийкарғы реформаларды әмелге асырмақтамыз. Елимиз раўажланыўының жаңа тырнағын жаратыўда сизлердей пидайы ҳәм ўатансүйгиш жасларымыз белсене қатнасып, мүнәсип үлес қосады.

Мәмлекетимиз басшысы коронавирус пандемиясы дәўиринде жаслар халық дәртине дәрман болғаны, «Сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекетинде кеўиллилер сыпатында қатнасып, қыйналған шаңарақларға әмелий жәрдем бергенин айрықша атап өтти.

Ҳәммемизге белгили, жаслар менен ислесиў бойынша Ташкент қаласының үлгиси жаратылып, ул-қызлардың машқалалары, пикир-усынысларын тиккелей үйрениў жолға қойылды. Бул тәжирийбе елимиз бойлап кең қанат жайып, барлық қала ҳәм районларда Жаслар фестиваллары өткерилди.

Көпшилик жаслар бул илажлар шеңберинде министрлер, ҳәкимлер ҳәм басқа да жуўапкерлер менен ашық сөйлести. Усы сөйлесиўлерде жасларымыз әҳмийетли мәселелерди исенимли көтерип шықты. Мәмлекетимиз басшысы бул илажлар дүньятанымы кең, жанкүйер, алдынғы қатарда пикирлейтуғын перзентлеримиздиң көп екенлигин анық көрсеткенин атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев енди Ташкент қаласының тәжирийбеси пүткил елимиз бойлап енгизилетуғынын айтып өтти. Бул бағдарда Ташкент, Қашқадәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларында әлле қашан жумыслар баслап жиберилди. Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде олардың социаллық машқалаларын системалы тийкарда үйрениў, бул бағдардағы жумысларды муўапықластырыў ўазыйпасы жуўапкер шөлкемлерге жүкленген.

«Жаслар: 1+1» бағдарламасы шеңберинде жумыссыз ҳәм жәмлеспеген жасларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў шөлкемлестириледи.

Президентимиз еркин экономикалық зоналар бойынша бар тәжирийбе тийкарында, аймақларда, Жаслар киши санаат зоналарының шөлкемлестирилиўин жәриялады. Бул санаат зоналарында өсип киятырған әўлад ўәкиллериниң бизнес жойбарлары жайластырылады.

Нәўқыран әўлад ўәкиллеринде бизнес көнликпелерин раўажландырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Жасларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириўге қаратылған жумысларды және де күшейтиў, усы мақсетте кәсип-өнер және исбилерменлик көнликпелерине оқытыў арқалы арнаўлы сертификат алған жасларға микрокредитлер ажыратылатуғыны атап өтилди.

Усы мақсетлер ушын 2021-жылы 45 миллион доллар ажыратылатуғыны, сондай-ақ, жаслардың исбилерменлик жойбарлары ушын Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде ҳәр бир ўәлаятта 100 миллиард сумнан кредит қаржыларының қаратылатуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысының жаслар форумындағы шығып сөйлеўи, онда билдирген пикирлери ҳәм басламалары жасларға күш-ғайрат бағышлады. Әсиресе, уллы бабамыз Муҳаммед Хорезмийдиң «Сөз – гүл, жумыс – мийўе» деген ҳикметли сөзи жаңлағанда ямаса Президентимиз нәўқыран әўлад ўәкиллерине қарата илимди қәдирлеў, турмыста өз алдына мақсет қойып, оған умтылыў ҳаққында сөйлегенде пүткил зал алғыслады.

– Өз тәжирийбемнен келип шығып, сизлерге айтатуғын мәсләҳәтим сол: илимди қәдирлең, илимге умтылың! Бир секунд ўақтыңыз да  бийкар өтпесин! Жаслық – өмирдиң ең бийбаҳа дәўири. Илим отта жанбайтуғын, суўда батпайтуғын, ҳеш ким сизден тартып алалмайтуғын байлық екенлигин умытпаң! Сизлер ғәрезсизлик перзентлерисиз. Ата-бабаларыңыз көрген тосқынлық ҳәм қыйыншылықларды көрмей, азат Ўатанда еркин нәпес алып, өсип атырсыз. Жоқары мақсетлер жолында сиз –жаслар шешиўши күш болыўыңыз керек. Мен сизлерге жүкленген әне усындай үлкен жуўапкершиликти, шын мәнисиндеги тарийхый ўазыйпаны мақтаныш пенен орынлайтуғыныңызға беккем  исенемен, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы жаслар заманагөй илим  ҳәм жоқары технологияларды толық ийелеў зәрүр екенлиги, оның ушын барлық күш ҳәм имканиятлар иске қосылатуғын айтып өтти. Усы мақсетте билимлендириў системасында түпкиликли реформалар әмелге асырылып атыр. Бул жумыслар өзиниң биринши жемислерин бере баслады. Ақырғы үш жылды мәмлекетимиз жаслары  абырайлы халықаралық таңлаў ҳәм жарысларда бес ярым мыңға  шамалас сыйлықлы орынларды қолға киргизди.

Илим жолын  таңлаған талантлы жасларымызды қоллап-қуўатлаў мақсетинде кейинги жылдан баслап магистратура ҳәм докторантура басқышлары ушын Президент стипендиясы квотасының еки есеге арттырылатуғыны, сондай-ақ, жоқары  билимлендириў мәкемелерине кириў имтиханларында ең жоқары балл топлаған 200 жас ушын Президент гранты енгизилетуғыны атап өтилди. Әҳмийетлиси, ҳәзирге шекем Президент стипендиясы тек бир оқыў жылы ушын ажыратылған болса, келеси жылдан енгизилетуғын бул грант қаржылары төрт жыл даўамында төлеп бериледи.

– Бундай имканият ҳәм жеңилликлерге бәринен бурын жаңа Ренессанс  тийкарын салыўшылары ийе болатуғынлығына исенимим кәмил, – деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.

Илажда мәмлекетимиз басшысы көркем өнер, әдебият, спорттың жаслар турмысындағы әҳмийетли орнына айрықша тоқтап өтти. Бул тараўларды раўажландырыў бойынша перспективадағы ўазыйпалар белгилеп берилди.

Жаслар мәнаўиятына байланыслы машқалалар да ашық-айдын айтылды. Дүньяда түрли қарама-қарсылықлар ҳәм келиспеўшиликлер ҳәўижге минип атырғанлығы, терроризм, экстремизм бәлеси ҳәм басқа да қәўип-қәтерлер интернет орайына терең кирип, ийкемлесип алғанлығы атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы жаслар келешеги менен байланыслы ҳәр қандай ўазыйпа  бирлемши әҳмийетке ийе екенлигин айрықша атап өтти.

Соңынан  Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан жаслары форумына жыйналған жигит-қызлар менен ашық-айдан сөйлести. Барлық әҳмийетли басламаларды қоллап-қуўатлап, олар бойынша жуўапкерлерге усы жердиң өзинде  көрсетпелер берди.

– Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзинде кейинги жылдан баслап ҳәкимлер жаслар алдында да мүрәжат  етиўи бойынша ўазыйпалар белгиленди, – дейди Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогика университетиниң студенти Донохон Аҳатова. – Негизинде бул оғада үлкен әҳмийетке  ийе. Ҳәзир басшылар ҳәм жаслар ушырасыўлары өткерилмекте. Бирақ ғалаба хабар қуралларында жанлы сөйлесиўлер болмай атыр. Бул бағдарда жаслар ушын ашық-айдын сөйлесиў майданы жоқ. «Ёшлар» телеканалы жаслар аудиториясын қамтып алғаны ушын министрлер, ҳәкимлер ҳәм жаслар жанлы сәўбетлери берилген арнаўлы көрсетиўлер, ток-шоуларды көбейтиў керек екенлигин айттым. Президентимиз бул усынысымды қоллап-қуўатлады, оннан оғада қуўанышлыман.

– Мен ҳәзирги  күнде умытылып баратырған каллиграфия ҳәм китап көркем өнери менен шуғылланаман, – дейди жас өнермент Аббос Шомансуров. – Бундай көркем шығармаларының тарийхы узақ әсирлерге барып тақалады. Соның ишинде  бул көркем өнерди ғалаба ен жайдырыў, дүньяға көрсетиў мақсетинде арнаўлы  мектеп  шөлкемлестириўди мақсет еткенмен. Сол себепли пайтахтымыздағы Ислам цивилизациясы орайы жанында  шөлкемлестирилип атырған  өнерментлер қалашасынан орын ажыратыўын сорадым. Мәмлекетимиз басшысы мүрәжатымды тыңлап, унамлы баҳалады.

Жаслар форумында аймақлардағы қатнасыўшылар да өз пикирлерин, усынысларын ашық-айдын атап өтти.

Соның ишинде, әндижанлы студент Ҳилола Қаюмова мәмлекет жаслары ушын инглис тилин үйрететуғын бийпул платформа жаратыў, Бухара ўәлаяты мәденият басқармасының хызметкери Моҳичеҳра Салимова «Шашмақом»ды буннан былай да ғалаба ен жайдырыў, социаллық тармақларда кеңнен енгизиў бойынша усыныс билдирди. Мәмлекетимиз басшысы Бухара «Шашмақом»ды тиклеў, классикаллық қосық дәстүрлерин раўажландырыў ҳәм 2022-жыл ўәлаятта Жаслар Шашмақом фестивалын өткериў бойынша көрсетпе берди.

Қарақалпақстанлы жаслар менен сөйлесиўде аймақтағы жойбарлар ҳаққында айтып  өтилди. Жиззақ политехника институтының студенти  Дилдора Имомова ўәлаятта автомобиль қурылысы санааты ушын кадрлар таярлаў , тәжирийбесин арттырыў ҳәм сырт ел тәжирийбесин кеңнен ғалаба ен жайдырыў бойынша пикир-таласларын  билдирди. Самарқанд ўәлаятының жаслары университетлерде билим алып атырған студентлерди бирлестиретуғын Өзбекстан студентлер ассоциациясын шөлкемлестириў усынысын алға қойды.

Улыўма, форумда жаслар тәрепинен усы сыяқлы көплеген усыныслар билдирилди. Президентимиз бул пикирлер ҳәр тәреплеме талланып, тийисли қарарлар қабыл етилетуғынын атап өтти.

– Мен сизлерге бир сырымды айтаман: аймақларға барғанда көбирек жаслар менен ушырасыўға, олар менен сөйлесиўге ҳәрекет етемен. Себеби мен сизлердей көзи жанған, жүреги жанған жасларды излеймен. Сизлер усыған ылайықсыз, – деди Президент.

Форумда «Humo Arena» сарайына келген 3 мың 300, сондай-ақ, аймақлардағы студияларда 26 мыңнан аслам жаслар қатнасты.

– Бүгин тарийхый ушырасыўымыз. Келиң, бул мәңги болап қалсын. Халқымыз меҳир көзде дегендей, бир-биримизге меҳримиз мәңги болсын, – деп сөзин жуўмақлады Шавкат Мирзиёев.

Форум қатнасыўшыларының мәмлекетимиз жасларына мүрәжаты қабыл етилди.

Бул әнжуман, Президент пенен сөйлесиў мәмлекетимиз жасларына көтериңки руўх, умытылмас мотивация бағышлады. Илаж жуўмағындағы концерт үлкен байрам қуўанышына айланып кетти.

ӨзА