Ҳүрметли жаслар, әзиз заманласлар!

Мәмлекетимиз турмысындағы умытылмас тарийхый ўақыя – елимизде биринши мәрте шөлкемлестирилген Өзбекстан жаслары форумы оғада көтериңки ҳәм әмелий руўхта болып өтти.

Әсиресе, ҳүрметли Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң әнжуманда шығып сөйлеген мазмунлы сөзи ҳәммемизде қызғын тәсир қалдырды.

Мәмлекетимиз басшысы жасларды Ўатанымыздың ең үлкен байлығы ҳәм бийбаҳа ғәзийнесине салыстырғанлығы, мәрт ҳәм пидайы заманласларымыздың сынақлы күнлерде көрсеткен мәртлиги ҳәм ерлигин жоқары тән алғанлығы бизди оғада руўхландырды.

Соның менен бирге, Журт басшымыздың жас әўладқа үлкен исеними, итибар ҳәм ғамхорлығы бизге оғада үлкен жуўапкершилик жүкледи.

Ҳәммеңиз гүўасыз, соңғы жылларда мәмлекетимизде – жаңа Өзбекстанда  жасларға қатнас пүткиллей өзгерди.

Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат тийкарында жас әўладтың турмыслық мәплерин тәмийинлеў, олардың жақсы арзыў-нийетлерин, қәбилетин жүзеге шығарыўға қаратылған реформалар избе-из ҳәм нәтийжели әмелге асырылмақта.

Бизиң алдынғы билим ҳәм кәсип-өнерлерди пухта ийелеп, жетик қәниге, шын мәнисинде ўатансүйиўши инсанлар болып кәмал табыўымыз ушын ҳәмме шараятлар жаратып берилмекте.

Көплеген заманласларымыз парламентте, ҳүкимет ағзалары қатарында, мәмлекетлик басқарыў уйымларының жуўаплы лаўазымларында, заманагөй кәрханаларда, киши бизнес ҳәм исбилерменлик, илим, денсаўлықты сақлаў, мәденият, көркем өнер ҳәм спорт тараўларында – турмысымыздың барлық тараўларында қызғын жумыс алып бармақта.

Бүгин Ўатанымыздың келешегин белгилеп беретуғын, жаңа Ояныў дәўириниң тийкарын шөлкемлестиретуғын шешиўши тараў – тәлим-тәрбия системасы жедел раўажланбақта.

Өмирде сынақтан өткен миллий ҳәм сырт ел тәжирийбелери тийкарында жаңа билим, көркем өнер ҳәм спорт орайлары қурылмақта. Президент мектеплери, қәнигелестирилген және дөретиўшилик мектеплеринде жүзлеген талантлы ул-қызлар заманагөй тәлим-тәрбия алмақта, шеберлик сырларын ийелемекте.

Бүгинги ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билдирилген әҳмийетли пикирлер, атап айтқанда, талантлы студентлер ушын Президент гранты шөлкемлестирилиўи, республикамыздағы сырт ел  жоқары оқыў орынларының бакалавриат басқышының студентлери ушын да Президент ҳәм мәмлекетлик стипендиялардың енгизилиўи, еки ҳәм оннан аслам перзентин шәртнама тийкарында оқытып атырған шаңарақларға жеңилликли тәлим кредити берилиўи ҳәм басқа жаңалықлар бизди оғада қуўандырды.

Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзинде  жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған көплеген жойбарлар, соның ишинде, жасларды жумыс пенен тәмийинлеў, олардың исбилерменлик қәбилетин раўажландырыў бойынша алға қойған идеялар әйне бизиң кеўилимиздеги жумыс болды.

Атап айтқанда, «Жаслар: 1+1», «Ҳәр бир исбилермен – жасларға мәдаткар», «Жаслар киши санаат зоналары», «Жойбарлар фабрикасы», «Жаслар технопарклери», «Жаслар мүрәжаты» электрон платформасы сыяқлы жаңа басламалар турмысымызда үлкен әҳмийетке ийе.

Президентимиз тәрепинен жасларды турақ-жай менен тәмийинлеў, оларды еркин турмысқа таярлаў, шаңарақты беккемлеў, ажырасыўлардың алдын алыў сыяқлы әҳмийетли мәселелерге айрықша итибар қаратылды.

Ҳәзирги ўақытта,  Мәмлекетимиз басшысы бес тийкарғы басламаны избе-из әмелге асырыў, талантлы балалардың қәбилетин жүзеге шығарыў, жас әўладтың  физикалық ҳәм мәнаўий жетик болып өсиўи, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, әскерий-ўатансүйиўшилик тәрбиясы бойынша алдымызда турған  ең әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп  берди.

Әсиресе, мәмлекетимиз басшысының жасларға айтқан төмендеги сөзлери ҳәммемизди шексиз толқынландырды:

«Илимди қәдирлең, илимге умтылың! Бир секунд ўақтыныз да бийкар өтпесин! Жаслық – өмирдиң ең бийбаҳа дәўири. Илим ҳәм билим – отта жанбайтуғын, суўда батпайтуғын, ҳеш ким сизден тартып алалмайтуғын байлық екенлигин улыўма умытпаң!»

Тарийхый ҳақыйқат ҳәм үлкен турмыс тәжирийбеси менен толы бул сөзлер биз ушын бир өмирлик турмыс бағдарламасы болып қалады.

Халқымыз, мәмлекетимиз, ҳүрметли Президентимиздиң биз жасларға жоқары итибары ҳәм исенимин ақлаў, бул ғамхорлыққа ҳәр тәреплеме мүнәсип болыў ушын өз үстимизде ислеўимиз, жақсы мийнет етиўимиз зәрүр екенлигин ҳәр биримиз терең жуўапкершилик пенен аңлап турыппыз.

Әзиз дослар, жигерли заманласлар!

Бүгин ана халқымыз, жанажан Ўатанымыз, әзиз Президентимиздиң ой-пикири азат әўладтан уллы жумысларды күтпекте. Мәмлекетимиз алдында турған жоқары мақсетлер жолында жасларға шешиўши күш сыпатында қаралмақта.

Ҳәммемиз үлкен жуўапкершиликти сезип, Ўатан мәплери  жолында және де бирлесип, шын мәнисиндеги тарийхый ўазыйпаны мақтаныш пенен орынлайық!

Мәмлекетимиздиң, Президентимиздиң, ата-аналарымыз, муғаллимлер ҳәм устазларымыздың бизге билдирип атырған жоқары үмит ҳәм исенимлерин әмелий жумыслар менен – жақсы оқыў, жақсы мийнет, жақсы тәлим-тәрбиямыз бенен ақлайық!

Биз буған таярмыз. Себеби, биз – Хорезмийлер, Ферғанийлер, Беруний ҳәм Ибн Сина, Улуғбек, Наўайы ҳәм Бабурлар, Бухарийлер, Термизийлер әўладымыз.

Биз әне усындай уллы ата-бабаларымызға ҳәр тәреплеме мүнәсип боламыз деп исендирип айтамыз.

Ҳәзирги тынышсыз ҳәм қыйын дәўирде, глобалласыў ҳәм бәсеки орталығында бәрқулла сергек болып жасаўға сиз, әзиз досларымызды шақырамыз.

Өмирдеги ҳәр қандай сынақ ҳәм қыйыншылықларды күш-ғайрат пенен жеңип өтип, ана Ўатанға садықлық пенен хызмет етиў турмыслық мақсетимиз ҳәм уранымызға айлансын!

Әзиз Ўатанымыздың ҳақыйқый таянышы ҳәм сүйениши болып, мәмлекетимизде жаңа Өзбекстанды, жаңа Ренессансты жаратыўға мүнәсип үлес қосайық!

Дүньядағы ең уллы бахыт –  ел-журт исенимине ерисиў ҳәммемизге несип етсин!

Биз – Өзбекстан жасларына көрсетип атырған аталарша ғамхорлығы ушын ҳүрметли Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёевқа шексиз миннетдаршылық  билдиремиз.