Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Зуҳра Ибрагимова Елликқала районында болып, көшпели қабыллаў өткерди.

Қабыллаў барысында пуқаралардың социаллық жәрдем, электр энергиясы, газ, ишки жоллар мәселелери бойынша мурәжатлары тыңланды. Олардың көпшилиги сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты. Мүддет талап етилетуғын машқалаларды сапластырыў тийисли мәкеме ҳәм шөлкем басшыларына тапсырылды. Олардың орынланыўы қадағалаўға алынды.

Күнниң екинши ярымында депутат районлық медицина бирлеспесинде болып, халыққа көрсетилип атырған хызметтиң барысы менен танысты. Бирлеспе хызметкерлери менен болған ушырасыўда елимизде Президентимиздиң  басламасы менен тараўда әмелге асырылып атырған илажлар, бул бағдарда қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәнисине итибар қаратылды. Хызметкерлердиң пикир-усыныслары тыңланды.

Буннан соң райондағы 61-улыўма билим бериў мектебинде,  «Қаватқалъа», Наўайы,  «Янгиер» мәкан, «Елликқала» ҳәм «Ақшакөл» аўыл пуқаралар жыйынларында болып, халық пенен ушырасты. Аймақтағы кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж, майыплығы болған балалары бар шаңарақлардың ҳал-жағдайынан хабар алды. Атап айтқанда,  Наўайы,  мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы, майыплығы болған баласын тәрбиялап атырған М.Атажанованың шаңарағына газ плитасы, «Елликқала» ҳәм «Ақшакөл» аўыл пуқаралар жыйынларында жасаўшы майыплығы болған балалары бар шаңарақларға азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

Аймақларда бундай ушырасыўлар даўам етпекте.

 

Майсара ДОСТАНОВА,

ҚМУ журналистика бағдарының студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги