Мойнақ районынан мәмлекетлик дизимнен өткен «М.Ф.Н» жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм районлық Абаданластырыў басқармасының лаўазымлы шахслары тәрепинен өзлериниң лаўазым  ўәкилликлеринен пайдаланып, жәми 553,7 миллион сум бюджет қаржылары талан-тараж етилгени анықланды.

Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы мәлимлеме хызметиниң хабар еткениндей,  «Мадели» аўыл пуқаралар жыйынындағы Порлытаў, «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйынындағы «Шағырлы» ҳәм «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйынының ҳәр биринде узынлығы 1 километр болған бетон қапламалы жол қурылысы жумысларын орынлаў бойынша өткен жылдың 30-ноябрь күни шәртнама дүзилген. Бул ушын 662,4 миллион сум қаржы ажыратылған. Бирақ,  Порлытаў аўылында аймағында 163,7 миллион сумлық,  «Шағырлы» аўылы аймағында 220,8 миллион сумлық, «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 169,2 миллион сумлық бетон қапламалы жол қурылысы жумыслары толық орынланбаған болса да,  счёт-фактураларға жалған мағлыўмат жазылып, бул қаржылар «М.Ф.Н» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң есап бетине өткерилген.

Бул жағдай бойынша департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районы бөлими тәрепинен районлық Абаданластырыў басқармасы ҳәм «М.Ф.Н» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң лаўазымлы шахсларына Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, суд тәрепинен тийисли жаза шарасы қолланылды.

Бюджетке жеткерилген 553,7 миллион сум айыпкер шахслардан өндирилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы