Усы жыл 1825-декабрь күнлери аралығында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында Жаслар фестивалы өткерилмекте.

Усындай  илаж Қараөзек районында да көтериңкилик руўхта өткерилмекте.

Фестиваль – район ҳәкимлиги, жаслар ислери агентлиги районлық бөлими, районлық Халық билимлендириў бөлими ҳәм басқа да бир қатар шөлкемлер менен биргеликте өткерилип, онда жаслар арасында бир қатар таңлаўлар, спорт жарыслары, ушырасыў кешелери ҳәм концерт бағдарламалары орын алған.

Фестиваль шеңберинде райондағы  жәмлеспеген жаслар арасында спорттың мини футбол түри бойынша жаслар кубоги өткерилди. Сондай-ақ райондағы 16-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде жаслардың музыка ҳәм көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде «Бақсылар» таңлаўы өткерилип, онда қатнасыўшылар халық дәстанларынан үзиндилер атқарды.

– Жасларымыз фестивальға белсендилик пенен қатнаспақта. Оларды исбилерменликке бағдарлаў, шарўашылықтың сырларын үйретиў мақсетинде  райондағы «PANAEV FARMS»  шарўашылық фермер хожалығына бардық. Олардың қызығыўшылығы жоқары, – дейди жаслар ислери агентлиги районлық бөлими баслығы Жумабек Узақбаев. Буннан басқада илаж даўамында жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың, диний экстремизм ҳәм терроризмниң алдын алыў мақсетинде ушырасыў кешелерин өткериў режелестирилген.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы