Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен «Даўыт ата» шегара бажыхана постында Қазақстан Республикасынан кирип келген пуқара К.Ж. басқарыўындағы «МАN» маркалы жүк тасыўшы автотранспорт қуралы белгиленген тәртипте бажыхана тексериўинен өткерилгенинде, жол жүк ҳүжжетлеринде ҳәм жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетилмеген, баҳасы 45 миллион сумлық 19 түрдеги 367 дана жеңил автотранспорт қуралларының аўысық бөлеклери бар екенлиги анықланды.

Мәмлекетлик бюджетке түсетуғын салықлардан қашыў мақсетинде ҳүжжетлерден «түсирип» қалдырылған усы аўысық бөлеклер нызамлы шешим қабыл етилгенге шекем сақлаўға алынды.

Ҳәзирги ўақытта анықланған бул факт бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги