Ҳәзирги ўақытта, орынларда халықтың, әсиресе, исбилерменлердиң ҳуқықый билимлерин арттырыў, мәмлекетимиз тәрепинен жаратылған шараят, берилип атырған имканиятлардан толық пайдаланып, нызамлы түрде алып барып атырған жумысларын тосқынлықларсыз әмелге асырыўы ушын бажыхана хызметкерлери тәрепинен ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлери тәрепинен прокуратура уйымлары хызметкерлери менен бирге Беруний районында усындай ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы прокурорының аға жәрдемшиси М.Нуратдинов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң «Ишки тутыныў базарларының молшылығын ҳәм баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2021-жылдың 30-июнь сәнесине шекем сырт еллерден импорт етилгенинде бажыхана бажысынан азат етилген товарлар дизими менен жақыннан таныстырып өтти.

Бажыхана тараўында нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң рәсмийлестирилиўи, исбилерменлик субъектлерине жаратылған шараятлар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Сондай-ақ, ушырасыўда жаңа жыл байрамы ўақтында күшейип кететуғын пиротехникалық қураллардың нызамсыз айланысы менен байланыслы жағдайларға тоқтап өтилди.

Перзентлеримиздиң денсаўлығына зыян жеткеретуғын, аянышлы ақыбетлерге алып келетуғын усы қуралларды сатып алыў, сатыў менен шуғылланыў үстинен, сондай-ақ, усы қураллардың нызамсыз саўдасына көпшилик жағдайларда жас өспиримлер ҳәм кишкене балалардың қол урып атырғанлығы есапқа алынып, ата-аналарды өз перзентлериниң ҳәр бир ҳәрекети үстинен қатаң қадағалаў алып барыўын күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен быйылғы жыл басынан берли 21 ҳалатта баҳасы 82 миллион 393 мың сумлық 211743 дана пиротехникалық қураллардың нызамсыз айланысы анықланды. Бул болса, өз гезегинде 211743 бахытсыз ҳәдийсениң алды алынғанын билдиреди.

Орынларда үгит-нәсият илажлары даўам етпекте.

 

                                                                                                     Қарақалпақстан хабар агентлиги