Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 18-декабрь күни Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң видеоселектор түриндеги мәжилис болып өтти.

Саммит жумысында Беларусь Республикасы  Президенти Александр Лукашенко, Молдова Республикасы Президенти Игорь Додон, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳаммедов, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти ўазыйпасын атқарыўшы Талант Мамитов, ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткери Сергей Лебедев ҳәм Дослық аўқамы Парламентлераралық ассамблеясы кеңеси баслығы Валентина Матвиенко қатнасты.

Күн тәртибине муўапық ҒМДА шеңбериндеги көп тәреплемели бирге ислесиўдиң жағдайы ҳәм әҳмийетли бағдарлары көрип шығылды, шериклик қатнасықларын беккемлеў бойынша биргеликтеги режелер белгилеп алынды.

Мәмлекетимиз басшысы өз сөзинде Өзбекстан Республикасы быйыл Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына басшылық етиўдей абырайлы ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпаны  биринши мәрте өз жуўапкершилигине алғанын атап өтти.

ҒМДА ның үлкен имканиятынан пайдаланып, ҳәрекетлерди бирлестириў, өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиўди және де беккемлеў коронавирус пандемиясы ақыбетинде келип шыққан кризистен тез пурсатларда шығыўдың оптимал жолларын табыў ушын хызмет ететуғынына исеним билдирилди.

-Өзбекстан улыўма машқалаларды шешиў ушын жаңа, стандарт емес ҳәм өз-ара пайдалы қатнасларды биргеликте ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға таяр,-деди Президентимиз.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз ҒМДА шеңбериндеги бирге ислесиўдиң сапа жағынан жаңа басқышқа избе-из өтиў, шериклик механизмлери ҳәм қабыл етилген ҳүжжетлердиң орынланыў нәтийжелилигин арттырыў тәрепдары болып табылады.

Шавкат Мирзиёев шөлкем шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўге байланыслы бир қатар усынысларды алға қойды.

Соның ишинде, бүгинги шараятта мәмлекетлеримиздиң экономикаларын, саўда ҳәм кооперация байланысларын жедел пәтлерде қайта тиклеў тийкарғы ўазыйпа екени атап өтилди. Бар машқалаларға қарамастан, Өзбекстанның ҒМДА ға ағза басқа мәмлекетлер менен товар алмасыўы турақлы өсип атырғаны бақланбақта. Айырым шериклер менен саўда быйылғы жылы 20 проценттен зыятқа көбейди.

Дослық аўқамы шеңберинде «жасыл» ҳәм әпиўайыластырылған коридорлар әмелиятын кеңнен енгизиў, электрон саўданы раўажландырыў бойынша бирден-бир платформаны иске қосыў ҳәм «жол картасын» қабыл етиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Онда агросанаат, машина қурылысы, электротехника, жеңил ҳәм азық-аўқат санааты, фармацевтика ҳәм басқа да тийкарғы тармақларда биргеликтеги кластерлерди шөлкемлестириў нәзерде тутылады. Бул бағдарлама және инновациялық жойбарлар ҳәм алдынғы технологияларды таныстырыўды келеси жылы Ташкент қаласында өтетуғын ҒМДА мәмлекетлери санаат кооперациясы форумы шеңберинде өткериў усыныс етилди.

Транспорт коридорларының бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, техникалық регламент ҳәм стандартларды үйлестириў, өз-ара келисилген тариф сиясатын әмелге асырыў ҳәм преференцияларды усыныў транспорт тараўындағы әҳмийетли ўазыйпалар сыпатында белгиленди.

Өзбекстан барлық санитария талапларына әмел еткен ҳалда өз-ара авиақатнаўларды мүмкиншилиги болғанынша тез пурсатта қайта жолға қойыў тәрепдары. Бул исбилерменлик, гуманитарлық ҳәм туристлик алмасыўларды тиклеўге хызмет етеди, деп атап өтти Президент Шавкат Мирзиёев.

ҒМДА мәмлекетлериниң Дослық аўқамы мәмлекетлеринде жумыс ислеп атырған пуқараларын социаллық ҳәм ҳуқықый қорғаў мәселеси барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан басшысы мийнет мигрантларының ҳүжжетлерин өз-ара тән алыўдың бирден-бир механизмин жаратыў ҳәм бул тараўда өз алдына бағдарлама қабыл етиў ўақты келгенин атап өтти.

Бүгинги күнде санитариялық-эпидемиологиялық түрдеги айрықша жағдайларды мониторинг етиў ҳәм оларға ерте жуўап бериўдиң нәтийжели системасын қәлиплестириў айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Усы мүнәсибет пенен ҒМДА шеңбериндеги тийисли келисимди таярлаў жумыслары тезлестириледи.

Кеселликлерди профилактикалаў ҳәм саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде ҳәр жылы ғалабалық спорт ҳәм мәдений илажларды шөлкемлестирген ҳалда «ҒМДА саламатлық марафоны»н өткериў усыныс етилди.

ҒМДА дөретиўшилик ҳәм илим зыялыларының гезектеги форумы шеңберинде Өзбекстанда «Дослық мәмлекетлери мәдений мийрасы» конференциясын өткериў идеясы алға қойылды. Бул дәстүрий жақын болған гуманитар байланысларды беккемлеўге хызмет етеди.

ҒМДА мәканындағы қәўипсизликке қәўип салып атырған қәўип-қәтерлер ҳаққында сөз болар екен, Аўғанстанда жолға қойылып атырған тынышлық процесин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екени атап өтилди.-Бул мәмлекеттиң тынышлығы пүткил Дослық аўқамы мәканында қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы болып табылады. Бул, сондай-ақ, мәмлекетлеримиздиң Қубла Азия менен саўда-экономикалық бирге ислесиўин раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар дегени,-деп атап өтти Президентимиз.

Идеология ҳәм мәлимлеме тараўларында қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелери де жаңа, әдеттегидей емес қатнасларды талап етип атырғаны атап өтилди. Усы темадағы бурын қалдырылған Халықаралық экспертлер форумы келеси жылы Ташкент қаласында өткериледи.

Буннан тысқары, ҳуқықый мәлимлеме менен алмасыў ушын ҒМДА Бирден-бир электрон платформасын жаратыў ҳәм Радикалласыўдан қайтарыў тараўындағы бирге ислесиў бағдарламасын ислеп шығыў усыныс етилди.

Ташкент мәканында дослық ҳәм тығыз бирге ислесиўди беккемлеўде парламентлердиң  роли артып баратырғаны атап өтилди. Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан келеси жылы ҒМДА Парламентлараралық ассамблеясының мәжилислеринен бирин пайтахтымызда өткериўге таяр екенлигин билдирди.

Соңынан ҒМДА ға ағза мәмлекетлер делегациялары басшылары сөзге шығып, әмелге асырылған кең көлемли ислер ушын Өзбекстан Республикасына терең миннетдаршылық билдирди, бул елимиздиң Дослық аўқамына нәтийжели басшылығын тәмийинлеп ғана қалмастан, шөлкем шеңбериндеги көп қырлы әмелий бирге ислесиўди және де кеңейткенин атап өтти.

Мәмлекет басшыларының шығып сөйлеўлеринде экономика, транспорт, қәўипсизлик, гуманитар тараўларда байланысларды тереңлестириў, ҒМДА да тынышлық, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли басламалар алға қойылды.

Саммит жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёевтиң атап өткениндей, пандемия ақыбетлери менен байланыслы барлық қыйыншылықларға қарамастан, биргеликтеги ис-ҳәрекетлер арқалы Дослық аўқамы жаңа реаллыққа нәтийжели бейимлесиўге уқыплы екенлигин көрсетти.

Мәжилисте ҒМДА ны және де раўажландырыў концепциясы және оны әмелге асырыў бойынша тийкарғы илажлар режеси, БМШ дүзилгениниң 75 жыллығы мүнәсибети менен ҳәм халықаралық мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында биргеликтеги билдириўлер қабыл етилди.

Сондай-ақ, келеси жылда шөлкемге Беларусь Республикасы басшылық етиўи ҳәм гезектеги саммитти Минск қаласында өткериў ҳаққындағы қарарлар және ҳәр тәреплеме бирге ислесиўдиң түрли бағдарларына байланыслы бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылды.

ӨзА