Көпшилик регионаллық ҳәм халықаралық шөлкемлердиң жумысын қурамаластырған қыйын эпидемиологиялық жағдайға қарамастан, Өзбекстан 2020-жылы Дослық аўқамы мәмлекетлери арасында оғада нәтийжели ҳәм табыслы жумысты әмелге асырғанлығын исеним менен айтыў мүмкин.

Мәмлекетимиздиң ҒМДА дағы басшылығы концепциясына муўапық Ҳүкимет басшылары, Сыртқы ислер министрлери кеңеслери, ҒМДА Экономикалық кеңесиниң мәжилислери, тараўлық бирге ислесиў, соның ишинде, денсаўлықты сақлаў тараўында бирге ислесиў бойынша кеңес, Гуманитарлық бирге ислесиў бойынша кеңестиң 60 қа шамалас мәжилислери өткерилди. Оларда мыңнан аслам мәселелер көрип шығылды, 70 тен зыят ҳәр қыйлы бағдардағы әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етилди.

2020-жылы Өзбекстан ҒМДАның үш уйымы: Жаслар мәселелери бойынша кеңеси, Мийнет, бәнтлик ҳәм халықты социаллық қорғаў бойынша мәсләҳәтлесиў кеңеси, Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў бойынша мәсләҳәтлесиў кеңесине ағза болды. Усы арқалы мәмлекетимиз ҒМДА ға қатнасыўшы мәмлекетлер менен 39 тараўлық бирге ислесиў уйымлары шеңбериндеги өз-ара ҳәрекетлери көлемин кеңейтти.

ҒМДА шеңберинде жаңа реал жағдайға бейимлестирилген, сиясат, экономика, қәўипсизлик, мәденият, туризм, спорт, жаслар сиясаты, инновациялық раўажланыў сыяқлы тийкарғы тараўларда узақ мүддетли ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди қәлиплестиретуғын концептуаллық ҳәм стратегиялық ҳүжжетлердиң муўапықластырылыўы және қабыл етилиўи Өзбекстанның шөлкемге басшылығының айқын нәтийжеси, деп атаў мүмкин.

Атап айтқанда, 2021-2030-жыллар ушын қабыл етилген туризм, денетәрбия ҳәм спорт, жаслар сиясаты тараўында қабыл етилген келисимлер, «санлы жәмийет»ти раўажландырыў тараўындағы өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы келисим, 2025-жылға шекем мөлшерленген әскерий бирге ислесиў, 2030-жылға шекем мөлшерленген регионлараралық ҳәм шегаралық бирге ислесиў ҳаққындағы концепциялар ҒМДА аймағында турақлы раўажланыў ушын үлкен әҳмийетке ийе.

ҒМДА ға ағза мәмлекетлердиң экономикалық тараўдағы 30 дан зыят бағдарда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди избе-из раўажландырып барыў, Дослық аўқамы мәмлекетлериниң экономикасы менен пуқараларының абаданлығын арттырыўға, ҒМДА еллериниң дүнья жәмийетшилигиндеги орнын беккемлеўге қаратылған, ҒМДА ны 2030-жылға шекемги дәўирде экономикалық раўажландырыў стратегиясы айрықша итибарға ылайық.

Усы жылдың май айында Дослық аўқамы Мәмлекет басшылары кеңеси тәрепинен ҒМДА мәмлекетлериниң транспорт тараўында 2030-жылға шекемги дәўирдеги бирге ислесиўиниң тийкарғы бағдарларының тастыйықланыўы усы стратегияның әмелге асырылыўына салмақлы үлес болды.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен усыныс етилген бул программалық ҳүжжетте ҒМДА мәмлекетлеринде улыўма транспорт майданын қәлиплестириў ҳәм транспорт коридорларының бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, оларды Европа ҳәм Азия транспорт системаларына интеграциялаў бойынша муўапықластырылған сиясатты енгизиў нәзерде тутылған.

Сиясий, экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўдиң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерин жетилистириў және узақ мүддетли перспективада оның ҳәр бир қатнасыўшысының нәтийжели раўажланыўын тәмийинлейтуғын интеграцияласқан экономикалық ҳәм сиясий структураны қәлиплестириў бойынша келисилген илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған ҒМДА ны келеси он жыллықта және де раўажландырыў концепциясының қабыл етилиўи Өзбекстанның ҒМДА дағы басшылығының және бир табысы болды.

Концепция ҒМДА мәмлекетлериниң миллий экономикасын раўажландырыў, қәўипсизликти тәмийинлеў, пуқаралардың абаданлығын арттырыў, дүньяның сиясий, социаллық-мәдений ҳәм экономикалық процесслерге тартылыўы сыяқлы объектив мәплеринен келип шыққан болып, тез пәт пенен раўажланып атырған дүньяда усы структураның ҳәрекет етиў фомалары менен усылларын ҳәзирги заманға бейимлестириўди нәзерде тутады. Буннан тысқары, Өзбекстан ҒМДА да басшылық дәўиринде ағза мәмлекетлердиң сыртқы шегаралардағы қәўипсизлигин беккемлеўде 2021-2025-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы, мәмлекетлераралық инновациялық майданды раўажландырыў тийкарында экономикалық өсиўдиң инновациялық компонентин күшейтиўге қаратылған ҒМДА мәмлекетлериниң 2030-жылға шекем мөлшерленген инновациялық бирге ислесиўин раўажландырыўдың мәмлекетлераралық бағдарламасын муўапықластырыў ҳәм қабыл етиў бойынша мақсетли ислерди әмелге асырды.

Атап өтилген орта ҳәм узақ мүддетли характердеги концептуаллық ҳәм программалық ҳүжжетлерди ислеп шығыў және қабыл етиў бойынша муўапықластырылған ислер ҒМДА мәмлекетлериниң стратегиялық мақсетлери, олардың кең көлемли мәселелер бойынша тең ҳуқықлы, өз-ара пайдалы ҳәм көп қырлы бирге ислесиўден мәпдарлығын және бир рет тастыйықлайды.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 18-декабрь күни болып өткен ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңесиниң саммитинде Дослық аўқамы шеңберинде электрон саўданы раўажландырыў бойынша «жол картасы», Санаат кооперациясы бойынша комплексли бағдарлама, Мийнет миграциясы мәселелери бойынша бирге ислесиў бағдарламасы, радикализмге қарсы гүресиў тараўындағы бирге ислесиў бағдарламасы сыяқлыларды қабыл етиў, «ҒМДА саламатлық марафоны»н өткериў ҳәм басқалар бойынша билдирген басламалары айрықша әҳмийетке ийе болып табылады.

Қабыл етилген стратегиялық ҳәм концептуаллық ҳүжжетлерди әмелде енгизиўге қаратылған усы басламаларды жүзеге шығарыў ҒМДА мәмлекетлериниң үлкен имканиятын иске қосыў, кризистен кейинги дәўирде Дослық аўқамы мәканында турақлы ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў ушын улыўма ис-ҳәркекетлерди бирлестириў имканиятын береди.

Бул, өз гезегинде, Дослық аўқамының көп қырлы бирге ислесиўдиң тәсиршең механизми сыпатындағы турақлылығын, оның жаңа турмыслық реаллыққа бейимлесиўге таярлығын, ҒМДА мәмлекетлери халқының турмыс дәрежесин ҳәм сапасын үзликсиз арттырып барыў жолындағы улыўма ис-ҳәрекетлерин тастыйықлайды.

Өзбекстан ҒМДА ға басшылығы дәўиринде шөлкемдеги қатнасыўын және де жеделлестирип, көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўдың белсенди тәрепдары екенин және бир рет тастыйықлады. Мәмлекетимиздиң Дослық аўқамы мәканында сиясий, экономикалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўдиң барлық бағдарлары бойынша әмелий шерикликти раўажландырыў, турақлы раўажланыўды тәмийинлеў бағдарындағы ис-ҳәрекетлерди бирлестириў мақсетиниң ағза мәмлекетлер тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланыўы Өзбекстанның ҒМДА дағы басшылығында ерисилген үлкен табысларының тән алыныўы болып табылады.

 

Акрамжон НЕЪМАТОВ,

Өзбекстан Республикасы

Президенти жанындағы стратегиялық ҳәм

 регонлараралық изертлеўлер институты

 директорының биринши орынбасары.

ӨзА