Усы жылдың 19-декабрь күни Елликқала районы аймағында жүз берген жол-транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде еки адам қайтыс болды. Бул ҳаққында ҚР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы хабар берди, деп жазбақта «Дарё» басылымы.

 

Мағлыўматларға қарағанда, авария мәмлекетлик әҳмийетке ийе болған 4Р165 «Үргениш-Шалыш-Беруний-Бостан» автомобиль жолының 36-37-километрлеринде жүз берген.

 

Үргенишке қарай ҳәрекетленип баратырған «Cobalt» автомобили қарама-карсы жөнелиске шығып кетип, «Spark» пенен соқлығысқан. Ақыбетинде еки автомобиль басқарыўшысы да қайтыс болған, «Cobalt» автомобилиниң еки жолаўшысы емлеўханаға жатқарылған.

 

«Газета.uz» басылымының мағлыўматларына қарағанда, емлеўханаға үш адам жатқарылған – 39 жаслы ана ҳәм 17 және 15 жаслы еки ул бала. Сондай-ақ, «Cobalt» автомобили ишинде болған үш ярым жаслы егиз қызлар да қайтыс болғаны айтылмақта. Автомобиль басқарыўшысы олардың әкеси болған.

 

Мәлим болыўынша, жол-транспорт ҳәдийсесине инсан факторы, яғный «Cobalt» автомобилиниң қарама-қарсы жөнелиске шығып кеткени себеп болған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.