Өткен шемби күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Хошамет-2020» жылдың ең белсендилерин сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Елимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған жумысларлды жетилистириў, жас әўладты руўхый ҳәм физикалық жақтан саламат етип тәрбиялаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.  Бүгинги күни барлық тараўларда ҳәм оқыў орынларында заманласларына терең билими, жумысы ҳәм басламалары менен  өрнек болып киятырған жаслар елимиздиң келешеги сыпатында қаралып келинбекте.

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен мәденият, көркем өнер, дөретиўшилик, журналистика, спорт тараўларында ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, тынышлықты тәмийинлеў, сондай-ақ, түрли тараўларда табысларға ерискен пидайыларды  қоллап-қуўатлаў мақсетинде  «Хошамет» сыйлығы шөлкемлестирилип, 2017-жылдан берли өткерилип келинбекте. Бул сыйлық пенен тийкарынан күнделикли турмысымызда түрли тараўларда  пидайылық көрсетип киятырған жаслар, соның ишинде, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда өрнек болып киятырған мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў уйымларының ўәкиллери хошаметленеди.

«Жаслар фестивалы» шеңберинде өткерилген илажда 20 номинация бойынша жеңимпазлар анықланды. Атап айтқанда, «Жылдың ең белсенди жаслар устазы», «Жыл белсендиси», «Жылдың ең белсенди районлық, қалалық Сәрдарлар Кеңеси», «Жылдың ең белсенди бирге ислесиўши шөлкеми», «Жылдың ең белсенди жаслар ислери агентлиги қалалық, районлық бөлими», «Жылдың ең белсенди ҳәкими», «Жаслар турмысын сәўлелендириўдеги белсендилиги ушын», «Жылдың ең белсенди жаслар жетекшиси», «Жылдың ең қуўнақ ҳәм зийрек жаслары» ҳәм басқа номинациялар бойынша жеңимпазлар сыйлықланды.

-«Жыл идеясы» номинациясы жеңимпазы болғанымнан қуўанышлыман,-дейди Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының студенти Рустамжан Мадреймов.- Өзбекстан Республикасы инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайы (БАӘ) менен биргеликте жәрияланған «Арал теңизиниң шорланған жерлеринде инновациялық стартап жойбары таңлаўы»нда мениң «Қуяш энергиясында ислейтуғын сексеўил егиў агрегатын ислеп шығыў» стартап жойбарым жеңимпаз болды ҳәм 338,2 миллион сум муғдарында қаржыландырылыўы белгиленди.

Жеңимпазлар диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери