Усы жыл 18-декабрь күни Нөкис районында Халық депутатлары районлық Кеңесиниң гезектеги XIX сессиясы өткерилди.

Сессияда район ҳәкими О.Уснатдиновтың  2020-жылда районда әмелге асырылған жумыслардың жуўмағы ҳәм келеси жылда социаллық – экономикалық раўажланыўдырыўдың ең әҳмийетли  бағдарлары бойынша, халыққа мүрәжаты тыңланды.

Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёвтың басшылығында усы жыл 24-сентябрьде өткерилген видеоселектор мәжилисинде 2020-жыл 1-майдағы қарарына тийкарланып, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўдың рейтинг баҳалаў системасы енгизилип, қала ҳәм районлардағы экономикалық көрсеткишлер, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў орталығы, инфраструктурасы ҳәм бар ресурслардан пайдаланыў дәрежеси  үйренилди.

Үйрениў нәтийжесинде район исбилерменликти раўажландырыў  бойынша pқанаатландырарсыз» -деп табылып, pҚызыл аймақ»қа киргизилгенлиги (жәми 33 қала ҳәм районлар) ҳаққында да айрықша атап өтилди.

Жоқарыдағы атап өтилген кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде районды pқызыл аймақ»тан pсары аймақ»қа ҳәм кейин ала pжасыл аймақ»қа алып шығыў бойынша әмелге асырылған илажлар жуўмағы менен унамлы нәтийжелерге ерисилмекте.

Атап айтқанда, усы жыл январь-ноябрь ҳалатына санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 250,8 млрд. сумды (2019-жыл январ-ноябрь ҳалатына 204,6  млрд. сум) қурап, өткен жылға салыстырығанда өсиў көрсеткиши 112,3 процентке орынланды.

Районда санаат өнимлерин ислеп шығарыў, халықтың тутыныў товарларын ислеп шығарыў, хызмет көрсетиў, аймақлық экспорт көлеми, аўыл хожалығы жерлериниң улыўма майданы бойынша  әмелге асырылған жумыслар бойынша мағлыўмат берилди.

Сондай-ақ, районда хожалық жүргизиўши субъектлер саны 1778 ди қурап, соннан 674 киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлеринен 3 жылдан артық хызмет көрсетип киятырған 300 (44 процент) исбилерменлик субъектлери болып, соннан мәмлекетлик дизимнен өткен 684  исбилерменлик субъектлериниң есап бериў дәўиринде 372 (54 процент) си  хызмет көрсетпей атырғанлығы ҳәм есабат тапсырмағанлығы сынға алынды.

Cессияда Президентимиздиң  усы жыл  2-октябрьдеги республикамызға сапары даўамында белгилеп берген ўазыйпалар  және Президентимиздиң 11-ноябрьдеги «2020-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары  ҳаққында»ғы қарарынының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде районның өзине тән болған pөсиў ноқаты» белгилеп берилип, онда  заманагөй түрдеги ыссыханаларды шөлкемлестириў, мийўе-овощ өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў, балықшылықты раўажландырыў ҳәм балық өнимлерин қайта ислеп шығарыў  бойынша әмелге асырылатуғын илажлар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.

Сондай-ақ, илажда быйылғы коронавирус пандемиясы шараятында социаллық аўҳалы ҳәм турмыс шараяты төмен шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеў,  халықты «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар» дәптери, «Жаслар дәптери»не киргизиў бойынша алып барылып атырған жумысларға кең түрде тоқтап өтти.

Сессияда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Л.Сейтова  шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси, олардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша пикир-усынысларын билдирип өтти.

Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери  ҳәм блогерлер өзлерин  қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Сессия қантнасыўшылары районда ислеп шығылған өнимлер көргизбесин тамашалады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги