ЮНИСЕФ Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги және Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте «Пандемия дәўиринде денсаўлықты сақлаў, аўқатланыў, суў, санитария, гигиена ҳәм саламат турмысты жақсылаў және жаслардың потенциалын беккемлеў арқалы Қарақалпақстанның турақлы келешегине инвестиция киргизиў» бойынша баҳасы 3,5 миллион АҚШ доллары болған жойбарды әмелге асырады. Бул ҳаққында ӨзР ХБМ хабар берди.

 

Жойбар Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ, Бозатаў ҳәм Қоңырат районларындағы 15 мектепте суў, санитариялық ҳәм гигиеналық шараятларды жақсылаўды нәзерде тутады. Жойбар нәтийжесинде усы мектеплерде ул ҳәм қыз балалар ушын заманагөй ҳәжетханалар ҳәм жуўыныў бөлмелери, мектеплерди шығындылардан тазалаў шараяты жаратылады. Мектеплерге суў насослары ҳәм ысытқышлар қурыў, инновациялық технологияларды енгизиў арқалы аўыл халқын да қайта тикленетуғын энергия дәреклери менен тәмийинлеў имканияты жаратылады.

 

ӨзР Халық билимлендириў министри Ш.Шерматов БМШтың Балалар қорының (ЮНИСЕФ) Өзбекстандағы ўәкилханасы басшысы Мунир Мамедзаде менен жойбардың әҳмийетин додалады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.