Усы жылдың 15-декабрь күни саат 22:22 де Хожели районы «Мәденият» АПЖ П.Китаев көшеси 4-жайда жасайтуғын, 1983-жылы туўылған пуқара Ш.А.ның үйинде өрт келип шыққан.

 

ҚР Айрықша жағдайлар басқармасының ғалаба хабар қураллары хабар ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиў топарының бизге мәлим етиўинше, өрт ақыбетинде турақ жайдың 150 квадрат метр майдандағы төбеси ҳәм үй буйымлары өртенген.

 

Өрт жүз берген орынға 5 өртке қарсы экипаж ҳәм районлық абаданластырыў басқармасынан суў тасыўға қәнигелескен 2 автомобиль саат 22:28 де жетип барған.

 

Турақ жайдың 80 квадрат метрлик майданы өрттен сақлап қалынған.

 

Өрт өшириў ўақтында 2018-жылы туўылған А.Ж.ның өрттен күйген ҳалдағы өли денеси табылған.

 

2015-жылы туўылған У.Ж. ҳәм 2016-жылы туўылған Ж.Ж.лар Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери тәрепинен емлеўханаға жиберилген.

 

Мағлыўматларға қарағанда, 2015-жылы туўылған У.Ж. ҳәм 2016-жылы туўылған Ж.Ж.лар да қайтыс болған.

 

Ҳәзирги ўақытта өрттиң келип шығыў себепли анықластырылмақта.

ҚР Айрықша жағдайлар басқармасы пуқаралардан өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиўди, әсиресе, ержетпеген, кишкене балаларды үйлеринде жалғыз, қараўсыз қалдырмаўды сорайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.