Инсанлар кеўлинде миллий мақтаныш сезимлерин оятыўда мәмлекетлик нышанлардың тутқан орны айрықша.

14-декабрь-«Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген күн.

Мәмлекетлик байрақтың қабыл етилгенине 28 жыл толыў мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы 55 метр бәлентликке көтерилген Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрағы астында  байрам илажы өткерилди.

Илажда  Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери атқарылды.

Илажда жақсылық, данышпанлық, пәклик, садықлық, гөззалық, тынышлық ҳәм жаңаланыў сыяқлы түсиниклерди өзинде жәмлеген  мәмлекетлик байрақты көздиң қарашығындай сақлаў, оны улығлаў ҳәм бәлентлерге көтериў ҳәр биримиз ушын ана-Ўатанымыз алдындағы әдиўли парызымыз екенлиги, сондай-ақ, елимиз байрағы астында халқымыздың турмысында, инсанлардың руўхый дүньясында унамлы өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз берип атырғанлығы атап өтилди.

Илаж қатнасыўшыларына Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары,  Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери