Соңғы ўақытта дүньяда, соның ишинде, қоңсылас мәмлекетлерде карантин шеклеўлериниң әмел етиў мүддети узайтылып атырғаны, сондай-ақ, жаңа 2021-жыл кирип киятырғанын есапқа алып, эпидемиологиялық жағдайдың турақлылығын сақлап қалыў мақсетинде Республикалық арнаўлы комиссияның қарары қабыл етилди.

 

Қарарға муўапық:

 

– министрлик, мәкемелер, мәмлекетлик үлеси болған кәрханалар ҳәм басқа шөлкемлерде ҳәр қыйлы корпоративлик байрам илажларын шөлкемлестириў қадаған етилди;

 

– министрлик, мәкемелер, мәмлекетлик үлеси болған кәрханалар ҳәм басқа шөлкемлерде корпоративлик байрам илажларынан үнемленген қаржыларды билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, меҳрибанлық үйлери ҳәм басқа социаллық тараўларға бағдарлаў усыныс етилди;

 

– жоқарыдағы шеклеў ресторан, кафе ҳәм басқа улыўмалық аўқатланыў объектлеринде 30 адамнан көп болмаған және санитариялық-гигиеналық ҳәм карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда байрам илажларын өткериўге тийисли емеслиги белгиленди;

 

– мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, улыўма билим бериў мектеплери және жоқары оқыў орынларында тәрбияланыўшылар, оқыўшылар ҳәм студентлер қатнасыўында жабық имаратларда ҳәр қыйлы байрам илажлары ҳәм кешелерди шөлкемлестириў және өткериў қадаған етилди;

 

– пуқараларға жаңа 2021-жыл байрам илажларын шаңарағы менен өткериў усыныс етилди;

 

– жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен балалар ушын арналған «Президент шыршасы» байрам илажлары тек ғана меҳрибанлық үйлери ҳәм балалар қалашалары тәрбияланыўшылары ушын өткерилиўи белгиленди, бунда тәрбияланыўшылардың биргеликте бир орында жасайтуғынлығы есапқа алынды;

 

– ўәлаятлар, районлар орайлары ҳәм қалаларда ашық аспан астында шыршалар орнатыў усыныс етилди;

 

– министрлик, мәкеме ҳәм басқа мәмлекетлик шөлкемлер және хожалық бирлеспелери жаңа 2021-жыл байрамы илажларын шаңарақ ағзалары менен менен бирге өткериў ушын хызметкерлерге зәрүр шараятларды жаратыў илажларын көреди;

 

– ресторан, кафе, чайхана ҳәм басқа улыўмалық аўқатланыў шақапшаларында карантин шеклеўлерине (қарыйдарларды орналастырыўда социаллық аралықты сақлаў, медициналық нықаптан пайдаланыў, 30 адамнан көп болмаған ҳалда той ҳәм шаңарақлық мәресимлерди өткериў, сондай-ақ, дезинфекция жумысларын әмелге асырыў) қатаң әмел етилиўи бойынша қадағалаўды күшейтиў бойынша жуўапкер мәкемелерге тийисли тапсырмалар берилди.

 

Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысларын және коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў бойынша сырт еллердиң унамлы тәжирийбесин есапқа алған ҳалда жәмийетлик орынларда нықаптан пайдаланыў бойынша үгит-нәсият жумысларын күшейтиў нәзерде тутылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.