Нөкис қаласындағы Жаслар орайында «Нафосат-2020» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен Мәденият министрлиги, Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қарақалпақстан телерадиоканалы, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, «Тадбиркор аёл» Өзбекстан исбилермен ҳаял-қызлар ассоциациясы Қарақалпақстан бөлими, «Өнермент» бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте шөлкемлестирилген илаждың тийкарғы мақсети, ҳаял-қызларымыздың кийиниў мәдениятын арттырыў, олар арасында миллий ҳәм заманагөй қәдириятлардың уйғынлығын өзинде сәўлелендирген кийимлерди кеңнен үгит-нәсиятлаў, дизайнерлердиң билим дәрежесин арттырыў, хызметкерлеридиң өз жумысына болған жуўапкершилигин жетилистириў,  дизайнерлердиң тәжирийбелерин ен жайдырыў, олар тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимлерди халыққа таныстырыўға жәрдем бериў болып табылады.

Таңлаў жуўмағында «Жылдың ең жақсы жас модельер-дизайнери» номинациясы бойынша Нөкис қаласынан Индира Жумабаева, «Дөретиўши ҳаял тымсалы» номинациясы бойынша Нөкис қаласынан Дилназа Адилчаева, «Студент қыз тымсалы» номинациясы бойынша Нөкис қаласынан Гулбану Хожанова, «Миллий бағдардағы ең жақсы модельер-дизайнер» номинациясы бойынша Шоманай районынан Шаҳрибану Юсупбаева, «Исбилермен ҳәм жетекши ҳаял тымсалы» номинациясы бойынша Қанлыкөл районынан Карима Мадрасулиева жеңимпаз деп табылды.

Оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

«Дөретиўши ҳаял тымсалы» номинациясы жеңимпазы Дилназа Адилчаева Ташкент қаласында болып өтетуғын мәмлекет басқышына жоллама алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери