Мүнәсибет

Жақында мәмлекетимиз басшысының тиккелей қадағалаўы менен әмелге асырылып атырған «Меҳир» операциясының гезектеги басқышында Сирия мәмлекетиниң урыс ҳәрекетлери даўам етип атырған жерлеринен, 98 жерлесимиз Ўатанға қайтарылды. Олардың жигирма беси ҳаялқызлар болса, жетпис үши балалар, олардың да он төрти шын жетим балалар еди.

Шынында да инсан ушын өзи туўылып өскен жери – Ўатаннан әзиз нәрсе жоқ. Себеби, олардың узақ еллерде көз көрип, қулақ еситпеген қыйыншылықларды басынан кеширгени тек өзлерине белгили. Олардың көзлерине қарап буны аңлаў қыйын емес.

Өткен жыллар даўамында елимизге қайтарылған ҳаял-қызларға ҳәм балаларға мәмлекет тәрепинен жәрдем көрсетилип, жәмийетте өз орнын таўып атырғанлығы қуўанышлы, әлбетте.

Итибарлысы «Меҳир» операциясының Бас нызамымыз қабыл етилген  сәне 8-декабрь күнине туўра келиўи елимизде инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстин екенлигин және бир мәрте дәлилледи.

Президентимиздиң 8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 28 жыллық байрамы менен Өзбекстан халқына байрам қутлықлаўында атап өтилгениндей, сырт еллердеги пуқараларымыздың машқалаларын жедел ҳәм унамлы шешиў, оларға әмелий ҳуқықый жәрдем көрсетиў және Ўатанымызға қайтарыў бағдарында быйыл анық илажлардың әмелге асырылғаны халқымызға жақсы белгили. Атап айтқанда, пандемия дәўиринде 500 мыңнан аслам Өзбекстан пуқарасы елимизге алып келинди. Сырт еллерде қыйын жағдайға түсип қалған 100 мыңға шамалас ўатанласларымызға жәрдемлер көрсетилди.

Жалған ўәделерге алданып, елимизден шығып кеткен ҳәм қураллы келиспеўшиликлер болып атырған Жақын Шығыс регионында аўыр күнлерди басынан өткерип атырған пуқараларымыз, тийкарынан ҳаяллар ҳәм балаларды елимизге қайтарып алып келиў бойынша инсаныйлық илажлары даўам еттирилмекте.

Ең әҳмийетлиси бүгинги күнде мәмлекеттиң ҳәр бир пуқарасы мәмлекет қорғаўында. Енди тынышсыз мәмлекетлерден қайтарылған жерлеслеримиз  тыныш-татыў өмир сүриўине толық имканият жаратылады.

Ш.Өтемисов,

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң аппарат баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги