2020-2021-оқыў жылында улыўма билим бериў мектеплери, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер мектеплеринде пайдаланылып атырған сабақлық ҳәм оқыў-методикалық қолланбалар дизими Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында жәрияланды.

 

Өзбекстан Республикасы улыўма орта ҳәм орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў мәкемелеринде оқытылып атырған улыўма билим бериў пәнлери бойынша сайтта келтирилген әдебиятлар дизими Мәмлекетлик тест орайының Халық билимлендириў және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрликлерине жоллаған мүрәжатына жуўап тәризинде усы министрликлерден келген хатлар тийкарында қәлиплестирилген.

 

Сабақлықлар дизимин https://dtm.uz/info/textbooks мәнзили арқалы тийисли пән ҳәм тилди сайлаған ҳалда алыўыңыз мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.