Бүгинги күнде ғалаба хабар қураллары халыққа зәрүр болған мәлимлемени белсендилик пенен жеткерип, елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли өзгерислерди ҳәр тәреплеме сәўлелендирип бармақта.

Тийкарында, сөз ҳәм ҒХҚ еркинлигин тәмийинлеў елимиз сиясатының әҳмийетли бағдарларынан есапланады. Сонлықтан да, мәмлекетимизде мәлимлеме сиясатын демократияластырыў, мәлимлеме алыўды кеңейтиў бойынша бир қанша жумыслар алып барылмақта.

Бирақ, соңғы ўақытларда айырым ҒХҚ ўәкиллери социаллық тармақ ҳәм түрли мессенжерлерде эмоцияға берилип, Өзбекстан Республикасының “Шахсқа тийисли мағлыўматлар ҳаққында”ғы, «Ғалаба хабар қураллары ҳаққында»ғы Нызамларының тийисли статьяларын бузған ҳалда мақалалар жәрияламақта, – делинеди рәсмий билдириўде.

Мәселен, социаллық тармақларда тарқалған «Қарақалпақ баспасөзи бий аға ҳәм бий апалардан қашан қутылады?» атлы мақалада автор ҳәдден тыс эмоцияға берилип, бир қанша тийкарланбаған мағлыўматларды мақаласында келтирип өткен. Бундай жағдай кең жәмийетшилик алдында баспасөз тараўына ҳәм оның басшыларына деген унамсыз пикирлердиң қәлиплесиўине себепши болады.

Биз өз ўәкиллигимиз шеңберинде, ҒХҚ арқалы пуқараларды абырайсызландырыў, олардың жеке өмирине араласыў әмелдеги нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилетуғынлығын ескертемиз.

Буның менен биз, «ҳеш ким жеке пикирин билдириўге ҳақылы емес» демекши емеспиз. Керисинше, басқармамыз сөз ҳәм ҒХҚ еркинлиги ушын аянбай хызмет етеди.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги ҳәм оның аймақлық басқармалары жанында “Диалог майданшасы” жумысының жолға қойылып атырғаны мәлимлеме сиясатындағы және бир әҳмийетли қәдемлерден бири болып есапланады. Бул жойбар ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлердиң ҳуқықларын тәмийинлеў, оларды қорғаў, зәрүр ҳуқықый мәсләҳәтлер ҳәм жәрдем бериўге бағдарланған.

Басқармамыз журналист ҳәм блогерлерге мәмлекетлик уйымлардың ҒХҚ ўәкиллери менен ашық-айдын сәўбетте болыўы ушын ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетиўге таяр екенлигин билдиреди. Сондай-ақ, елимизде сөз еркинлигин ҳәм ғалаба хабар қуралларының раўажланыўын тәмийинлеўде ҳәмийше өз үлесин қосып барады, – деп өз рәсмий билдириўинде атап өтеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги