Нөкис қалалық ХББға қараслы 31-cанлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебинде қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 31 жыллығына бағышланып «Кеўлимниң кеңлиги – ана тилимде!» атамасында  әдебий саз-сәўбетли илаж өткерилди.

Онда ӨзМТДП Нөкис қалалық Кеңесиниң баслығы А.Нурумбетова, қалалық халық билимлендириў бөлими методисти Д.Айтмуратова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, мектеп директоры В.Каленовалар шығып сөйлеп, мәмлекетлик тилдиң әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти. Нызамшылық тийкары ҳаққында, сондай-ақ, ана тилимизди сап ҳалында жас әўладқа үйретиў, раўажландырыў, изертлеў жумыслары бойынша пикир-усыныслар тыңланып, бул бағдарда бирге ислесиў лазымлығы атап өтилди.

Илаж шеңберинде, шайыр, «Дослық» ордени ийеси Жуманияз Өтениязов пенен ушырасыў шөлкемлестирилди. Мектеп оқыўшылары тәрепинен шайыр дөретпелеринен үзиндилер оқып берилди.

Илажда мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған сахналық көринислер, концерт бағдарламасы қойып берилди. Белсене қатнасқан мектеп оқыўшыларына партия кеңесиниң ҳәм халық билимлендириў бөлиминиң мақтаў жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги