30-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.

Еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Усы жылдың декабрь айында видеоәнжуман түринде өткерилиўи режелестирилген мәмлекетимиз басшылығындағы ҒМДА саммитине таярлық көриў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан ҳәм Россия Президентлери коронавирус пандемиясының тарқалыўы ақыбетинде келип шыққан глобал кризис шараятында еки тәреплеме саўда-экономикалық байланыслар турақлы пәт пенен раўажланып баратырғанын үлкен қанаатланыўшылық  пенен атап өтти.

Атап айтқанда, өз-ара сапарлар жедел әмелге асырылмақта. Ҳүкиметлер аралық қоспа комиссия ҳәм басқа да бирге ислесиў механизмлери өнимли ислеп атыр, өз-ара саўда көлемлери артып, экономиканың ҳәр түрли тармақларында санаат кооперациясы бойынша тийкарғы жойбарлар және гуманитарлық алмасыў бағдарламалары даўам еттирилмекте.

Президентлер халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты, болажақ жоқары дәрежедеги илажлардың режесин додалады.

Сөйлесиў әдеттегидей қызғын, дослық ҳәм конструктивлик руўхта болып өтти.

 

ӨзА