1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

Ҳǝр бир инсан ушын ана тилдиң ǝҳмийети оғада уллы. Нәрестениң қулағына ана ҳǝййиўи арқалы кирип, ең биринши Ана деген сөзди де нәпестениң шийрин тилинде жаңлатқан бул руўхый күш ҳәм оның қүдирети алдында бǝршемиз бас ийемиз.

Халық аўызеки дөретпелери, шайыр-жазыўшылардың көплеген шығармалары арқалы да ана тилимиздиң бай сөзлик қорына ийе екенлигин көремиз. Тил- бул тек ғана қарым-қатнас қуралы болып қалмастан, халқымыздың бай мǝдений мийрасларын, тарийхын өзинде жǝмлеген, билимниң тийкары ҳǝм қǝдириятларымыздың негизи болып табылады.

Быйыл  қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине 31 жыл толады. Ана тилимиздиң Мәмлекетлик тил сыпатында ҳуқықый жақтан кепиллениўи, ҳǝр биримиздиң ана тилимизге болған ҳүрметимизди еле де арттырады, соның менен бир қатарда, үлкен жуўапкершилик те жүклейди.

Солай екен, ана тилимиздиң тазалығына дыққатлы болыў,  сөйлеў нормаларының бузылыўының алдын алыў, дурыс сөйлеў ҳǝм туўры жазыў саўатылылығын жоқарылатыў- бүгинги күнде елимиздеги ҳǝр бир зиялы инсанның алдындағы тийкарғы ўазыйпа болып табылады.

Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясының Сайлаўалды бағдарламасында мәмлекетлик тилди байытыў ҳәм  және де жетилистириў, тил мәдениятын, өз-ара қарым-қатнас сапасын жетилистириў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленген.

Бул бағдарда партия белсендилери ҳәм барлық дәрежедеги депутатлар менен биргеликте бир қатар нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, жыл басынан берли бир неше мәрте көшелерде, саўда орынларында рекламалар ҳәм басқа да сыртқы жазыўлардың мәмлекетлик тилде болыўын тәмийинлеў бойынша үйрениўлер жүргизилди. Бул илажлардыӊ жуўмағында бир қатар кемшиликлер анықланып, түсиник ҳәм үгит-нәсият жумыслары алып барылып, бир қатар орынларда унамлы нәтийжелер көзге тасланды.

Бундай үгит-нәсият жумыслары менен бирге жәмийетимизде өз шешимин күтип турған басқа да бир қатар мәселелерге итибар қаратыўымыз тийис.

Бүгинги күнде шет тиллерде басып шығарылған илимий-әмелий ҳәм кәсипке байланыслы китапларды қарақалпақ тилине аўдарыў турақлы түрде жолға  қойылса,  бул арқалы илим бағдарындағы қәнигелер ушын излениў жумысларын алып барыўда үлкен имканиятлар дереги жаратылады.

Соның менен бирге,  қарақалпақ тилиниң түсиндирме ҳәм басқа тиллер менен аўдарма сөзликлерин  арнаўлы қәнигелер менен биргеликте еле де раўажландырып, сөзлик қорын байытыў ҳәм толықтырылған ҳалда баспадан шығарылыўын  тәмийинлеў мәселеси де бүгинги күнде оғада үлкен әҳмийетке  ийе.

Қарақалпақ  тилиндеги электрон бағдарламалар жаратыўды да хошаметлеў ҳәм әмелиятта қолланылыўына ерисиў,  қарақалпақ  тилиндеги илимий ҳәм оқыў дереклерин өз ишине алатуғын ашық интернет сайтларын көбейтиў бүгингидей технологиялар дәўиринде шешимин күтип турған тийкарғы ўазыйпалардың бири .

Бүгинги күнде мәмлекетлик тилдиң әҳмийетлилигин, абырайын арттырыў, тилди сап ҳәм таза ҳалында келешек әўладларға жеткериў мақсетинде, рәсмий ҳүжжетлерде мәмлекетлик тил нормалары менен қағыйдалары бузылыўының алдын алыў, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларында  рәсмий түрде мәмлекетлик тилде  ис жүргизилиўи, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери ҳәм мәкемелердеги жазыўлар мәмлекетлик тилде жазылыўы бойынша жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў, сондай ақ,  “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкершиликти күшейтиў мәселесин де көрип шығыў керек, деп ойлаймыз.

Ана тилимиздиң әҳмийетин еле де раўажландырыў бағдарындағы илажлар тек ғана байрам алдынан емес, ал жыл даўамында ǝмелге асырылса, үгит-нǝсият жумыслары да үзликсиз алып барылыўына ерисе алсақ, нәтийжелер тез арада көзге тасланатуғынлығы анық.

Ана тилимизди үлкен мақтаныш тутып, бул бағдардағы жумысларды даўам етиў арқалы, қатарымыз  ана тилимизди ҳүрмет ететуғын инсанлар менен толысып баратуғынына, жǝмийетимизде ана тилимиздиң абырайы және де жоқарылаўына ҳǝм миллий қǝдириятларымыз беккемлене  бериўине  исенемиз.

 

Руслан Джумамуратов

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасыныӊ депутаты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги