Усы жыл 27-ноябрь күни «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийети тәрепинен тутыныўшыларды үзликсиз ҳәм сапалы электр энергиясы менен тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған  брифинг өткерилди.

Онда  «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийети директоры З.Керимзатов, «Тақыятас ыссылық электр станциясы» акционерлик жәмийети  директоры Ф.Халилаев, «Өзбекстан миллий электр тармақлары» Қарақалпақстан филиалы директоры С.Умбетовлар қатнасып, ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар, өзгерислер, жаңа система ҳәм оның абзаллықлары, электр есаплағышлардың схемасы, есаплаў усыллары ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.

Видеоконференция тәризинде өткерилген илажда  республикамыздың барлық районларындағы электр тармақлары кәрханаларының хызметкерлери менен онлайн байланыс орнатылды.

Илажда  Президентимиздиң 2017-жыл 13-ноябрьдеги «Электр энергиясын ҳәм газди қадағалаў және есабының автоматластырылған системасын жедел енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде пайдаланылған электр энергиясы ушын қарыздар  тутыныўшыларды  аралықтан электр менен тәмийинлеў системасынан (АСКУЭ) үзиў,  барлық электр энергиясы  тутыныўшыларын хабардар етиў мақсетинде ғалаба хабар қураллары арқалы кеңнен үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылып атырғанлығы атап өтилди.

– Бүгинги күнде АСКУЭ системасы тутыныўшыларға көплеген қолайлықлар жаратпақта,  – дейди «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийети электр энергиясын есапқа алыў ҳәм қадағалаў хызмети баслығы Эльбурс Төлепов.  Системаға жалғанғаннан соң есаплағышлар аралықтан басқарылады. Қарыздар болған тутыныўшылар автомат тәризде тармақтан ажыратылады ҳәм пайдаланылған электр энергиясы ушын онлайн тәризде республикамызда ҳәрекет етип турған төлем системалары U-Pay, Click, Payme, Paynet   және  банклердиң мобиль қосымшалары арқалы үйден шықпастан төлемлерди әмелге асырыўы мүмкин.  Төлем әмелге асырылғаннан кейин қарыздар тармаққа онлайн жалғанады.

Илажда тараў хызметкерлери  журналистлерди қызықтырған сораўларына жуўап берди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы