Белгили экономист ҳәм қурылысшы Ким Леонид Петрович 1942-жылы Қоңырат районында туўыллды.

Дәслепки мийнет жолын 1963-жылы Қоңыраттағы қурылыс-монтажлаў басқармасында ислеўден баслады.

Соңынан «Майжап» хожалығында экономист, «Қарақалпақирсовхозстрой» трестинде экономика бөлиминиң баслығы болып иследи. Соңынан жол қурылысы тараўында жуўапкерли хызметлерди атқарды.

1994-жылдан ҳүрметли дем алысқа шығаман дегенинше «Аралсуў-қурылыс» бирлеспеси баслығының экономика бойынша орынбасары лаўазымында жемисли мийнет етти.

Ол өзиниң мазмунлы мийнет жолы даўамында елге ҳадал хызмет етип, қурылыс экономикасын көтериўге белсене қатнасты.

Ол жаслардың әдиўли устазы, мәсләҳәтшиси болып, бәрқулла ел ишинде болды. Оның ел-халық алдындағы мийнетлери, халықлар дослығын беккемлеўдеги пидайылығы ылайықлы баҳаланды.

Ҳақ кеўил инсан, әдиўли устаз, пидайы қурылысшы Л.П.Кимниң естелиги ҳеш қашан умытылмайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги