Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигинде 19-ноябрь күни Россия Федерациясының Приморье үлкеси ҳүкимети баслығының орынбасары Михаил Петров басшылығындағы қурылыс тараўының ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.
Видеоконференция түринде болып өткен ушырасыўда қурылыс тараўындағы бирге ислесиў, Өзбекстан қурылыс компанияларының Приморье үлкесинде социаллық әҳмийетли жойбарларды әмелге асырыў ушын усы аймақ базарына кириў мәселелери додаланды.
Өзбекстан ҳәм Россия арасында қурылыс тараўында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәр еки тәреп ушын әҳмийетли. Елимизде қурылыс тараўын раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар, әмелге асырылып атырған ири жойбарлар буны талап етеди.
Бул тараўды заман талапларына сай түрде раўажландырыў, қурылыс материлларын ислеп шығарыўды кеңейтиў, қала қурылысын және де жетилистириў мәселелери Президентимиздиң турақлы итибарында. Мәмлекетимиз тәрепинен жергиликли қурылыс компанияларының сыртқы базарға шығыўын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанының себеби де сонда.
Ушырасыўда қурылыс хызметлериниң экспортын арттырыў зәрүр екенлиги айтып өтилди. Приморье үлкеси менен келешекте өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыўдың тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.
Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан Қурылыс компанияларының Приморье үлкесинде қурылыс объектлерин қурыўда қатнасыўына байланыслы мәселелерди қайта көрип шығыў ушын және сөйлесиўлер өткериў ҳәм жумысшы топар шөлкемлестириўге келисип алынды.
Россия тәрепи бар жойбарлар, Өзбекстан қурылыс компанияларының жумысын әмелге асырыў тәртип-қағыйдалары бойынша толық мағлыўмат бериўге таяр екенин билдирди.
ӨзА