Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында Өзбекстан ҳәм Иран арасындағы парламентлераралық дослық топарының онлайн сөйлесиўи болып өтти.

Ушырасыўда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясының басшысы Алишер Қодиров иранлы кәсиплеслерин бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар процеси менен таныстырды. Еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў байланыслары және Нызамшылық палатасының жумысы ҳаққында айтып берди.

Иран Ислам Республикасы Исламий Кеңес Мажлиси депутаты, парламентлераралық бирге ислесиў топарының баслығы Ғуломризо Нурий Қызылша бул сөйлесиўди шөлкемлестириўде жәрдем берген еки мәмлекет елшилерине миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан-Иран парламентлераралық бирге ислесиўдиң жолға қойылыўы өз-ара байланысларда ерисилген келисимлерди әмелге асырыўда парламентлик қадағалаў имканиятларынан нәтийжели пайдаланыўда үлкен әҳмийетке ийе болатуғынын атап өтти.

Атап өтилгениндей, экономикалық-социаллық ҳәм гуманитарлық тараўлардағы байланысларды және де раўажландырыўдан еки мәмлекет де бирдей мәпдар ҳәм оның ушын еле пайдалынылмаған кең имканиятлар бар.

Ҳәзирги күнде елимизде Иран инвестициясының қатнасында шөлкемлестирилген 272 кәрхана жумыс ислемекте. 2020-жылдың январь-август айларының жуўмағына бола, еки мәмлекет арасындағы саўда айланысы көлеми 158 миллион АҚШ долларын қурады.

Ушырасыўда тәреплер бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм онда парламентлердиң ролин арттырыў бойынша анық усынысларын билдирди.

 

Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы