Усы жыл 18-ноябрь күни Нөкисте мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерине бағышланған ушырасыў болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының демократиялық институтлар, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары комитети менен биргеликте шөлкемлестирилген илажға республикамызда ҳәрекет етип турған  мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары Э.Турсунов басқарып барды.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатлары М.Хасанова ҳәм Д.Мамаджанова шығып сөйлеп, елимизде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын жетилистириў, олардың ҳуқықый тийкарларын беккемлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей,  бүгинги күни елимизде 10462 мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкем, 2200 ден аслам диний шөлкем ҳәм  2000 ға жақын ғалаба хабар қуралы жумыс алып бармақта. Бул шөлкемлер өзлериниң жумысларын кең жәмийетшиликке жеткериў ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде 60 тан зыят ғалаба хабар қуралын,  өзлериниң материаллық-техникалық  беккемлеў және турақлылығын тәмийинлеў бойынша 100 ден асламы исбилерменлик субъектин шөлкемлестирген. Бүгинги күнде 20 миллионнан аслам пуқара мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ағзасы есапланады.

Соны айрықша атап өтиў керек, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тараўында  200 ден аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилген болып, соңғы еки жылда қабыл етилген ҳүжжетлерге муўапық әдиллик уйымлары менен байланыслы хызмет ҳәм байланысларды электрон тәризде әмелге асырыў имканиятын бериўши 3-ng9.7z сайты сынақ режиминде иске түсирилди. Аймақларда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ижара төлемисиз жайластырылатуғын «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер үйлери»н қурыў белгиленди. Тараў белсендилери ушын «Пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға қосқан үлеси ушын» көкирек белгиси шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 4-октябрьдеги «Мәмлекетимизде социаллық-экономикалық тараўдағы реформалардың үстинен жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжелилигин, сондай-ақ, пуқаралардың демократиялық өзгерислердеги белсендилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық Өзбекстан Республикасының Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына жәмийетшиликтиң  додалаўына жайластырылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын жәмийетшилик тәрепинен додалаўдың нәтийжелери Әдиллик министрлигине (ҳуқықый экспертиза ушын) ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине (көрип шығыў ушын) киргизиледи, бунда, қағыйда түринде, келип түскен усынысларды көрип шығыў нәтийжелериниң көрсетилиўи мәжбүрий екенлиги белгиленди.

Илажда республикамызда ҳәрекет етип турған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери  өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери