Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 14-августтағы 489-санлы қарары менен тастыйықланған «Қосымша қун салығы суммасының орнын қаплаў тәртиби ҳаққында»ғы реже талаплары ҳаққында кеңнен түсиник бериў мақсетинде семинар-тренинг болып өтти.

Семинарда республикамыз аймағындағы экспорт пенен шуғылланатуғын қосымша қун салығын төлеўши юридикалық тәреплерге қосымша қун салығы суммасының орнын қаплаў (қайтарыў) шәртлери ҳәм тәртиплериниң әпиўайыластырылғанлығы, қолайлықлары, абзаллықлары ҳаққында тараў қәнигелери тәрепинен кең түрде мағлыўматлар берилди.

Соның менен бирге, қосымша қун салығы төлеўшилери тәрепинен салық уйымларына арзаның қандай тәртипте берилиўи, арзаға қосымша усынатуғын кестелердиң дурыс толтырылыўы ҳәм олардың көрип шығылыў мүддетлери ҳаққында да көргизбели қураллар жәрдеминде басқышпа-басқыш түсиндирилди.

Еслетип етемиз: Қарақалпақстан Республикасы аймағында август айынан бүгинги күнге шекем 64 кәрхананың 38,5 миллиард сумлық қосымша қун салығының орны қаплап берилип, соннан экспорт етиўши 21 кәрхананың 24,9 миллиард сумлық ҚҚС суммасы есап бетине қайтарып берилиўи тәмийинленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги