ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң «Жаслар қанаты» тәрепинен «Ўатанымыз байрағы – мақтанышымыз, ар-намысымыз!» сүрени астында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң архитектура факультети студентлери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди. Жаслардың билимлерин сынап көриў мақсетинде сораў-жуўап көринисинде викторина ойынлары шөлкемлестирилип, жаслардың пикир-усыныслары тыңланды.

– Мәмлекетлик белгилер ҳәр қандай мәмлекеттиң ғәрезсиз екенин билдиретуғын муқаддес белгилердиң бири болып есапланады,-дейди ӨзЛиДеП Нөкис қалалық Кеңесиниң аппарат баслығы А.Пиржанов. – Республикамыздың мәмлекетлик белгилери халқымыздың мақтанышы, тарийхы ҳәм умтылысларын өзинде жәмлеп, тынышлық, татыўлық, азат турмыс, жарқын келешегимизге болған исенимиз белгиси болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги