Исбилерменлер ҳәрекети – ϴзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң “O’zLiDeP 17-жаста: 17 мың шаңараққа мүриўбет ҳәм жәрдем” жойбары Аралбойында да қоллап-қуўатланбақта.

Партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы фермер, дийқан хожалыклары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси менен биргеликте мийўели терек егиў акциясы шѳлкемлестирилди. Оныӊ шеңберинде аймақлық партия шѳлкемлери тәрепинен “Темир дәптер”, “Жаслар дәптери” ҳәм “Ҳаяллар дәптери” не кирген, материаллық жәрдемге мүтәж 17 мың шаңарақтыӊ жағдайынан хабар алыў, партиядан сайланған жергиликли Кеңес депутатлары, партия белсендилери ҳәм кеўилли қәўендерлердиӊ қатнасыўында мүтәж шаңарақларға жәрдем кѳрсетиў белгиленди.

Акцияда Нѳкис қаласындағы “Шығыс”, “Саманбай”, “Гүлзар”, “Шайырлар аўылы” ҳәм   “Сәрбиназ” мәкан пуқаралар жыйынларындағы кем тәмийинленген, “Темир дәптер”ге кирген мүтәж шаңарақларға, екинши жер жүзилик ҳәм аўған урысы қатнасыўшыларыныӊ үйлерине 800 түп түрли мийўели терек нәли егип берилди.

–Мийўели терек нәллерин гүзде ҳәм ерте бәҳерде егиў жақсы нәтийже береди, – дейди O’zLiDeP Нѳкис қалалық Кеңесиниӊ аппарат баслығы Әзиз Пиржанов. –Себеби бәҳерде ѳсип раўажланыўына қолай болады. Бул ислер келеси жылы ерте бәҳәрде де даўам еттириледи.

Буннан тысқары, партия шѳлкемлестирилген күнге 17 жыл толыўы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы фермер, дийқан хожалыклары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси менен биргеликте “Аўыл хожалығы ѳнимлериниӊ саўда ярмаркасы” шѳлкемлестирилди.

Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен елимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, аўыл хожалығы ѳнимлерин жетистириўди буннан былай да раўажландырыў, әсиресе қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў, ыссыханаларды қурыў бойынша кең кѳлемли ислер әмелге асырылып атырғанлығы айтып ѳтилди. Әсиресе бүгингидей сынаўлы күнлерде дийқанларымыз тәрепинен “даладан дәстурханға” принципи тийкарында халыққа арзан ҳәм сапалы азық-аўқат ѳнимлерин жеткерип бериў әҳмийетли орын тутады.

Ярмарка жуўмағында “Тәбийғый таза ѳним”, “Ең жас фермер”, “Ең кѳп жумыс орнын жаратқан фермер”, “Ең мазалы палыз ѳними” ҳәм “Ең салмағы аўыр ѳним” номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланды. Оларға қәўендер шѳлкемлер тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Майсара ДОСТАНОВА,
ҚМУ журналистика бағдарының студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги