Төрткүл районында «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, район ҳәкимлиги ҳәм фермер хожалықларының басшылары ҳәм тийисли тараў ўәкиллериниң қатнасыўында көргизбели семинар болып өтти.

Семинарда райондағы аўыл хожалығы ҳәм шарўашылық тараўында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм тараўды раўажландырыў ушын алда турған әҳмийетли ўазыйпалар кең түрде додаланды.

Семинар қатнасыўшылары «Гөне Төрткүл» АПЖдағы «Қарақалпақ универсал экспорт инвест» ЖШЖ жумыслары менен танысты. Бүгинги күнде гүзги шүдигарлаў жумыслары әмелге асырылып атырған «Гөне Төрткүл лашыны» фермер хожалығында тамшылатып суўғарыўдың әҳмийети бойынша түсиниклер берилди.

Кейинги мәнзил «Шорахан» АПЖдағы «Яшнобод Тўрткўл» фермер хожалығы болды. Бул жерде гүзги бийдай жетистириўде жер майданларын лазерли тегислеў, агротехникалық илажлардың әҳмийети бойынша мәселелер додаланды. Қатнасыўшылар АПЖдағы оңлаў устаханасына барып, фермердиң тийкарғы қол-қанаты болған техникаларды сапалы оңлаў бойынша түсиниклер алды.

 

Соң семинар қатнасыўшылары «Баракат Соғдиён» фермер хожалығындағы бағшылық жумыслары менен танысты. Бул жерде бағман ҳәм де қәнигелер тәрепинен мийўе ағашларының артықша шақалары қайсы жеринен қырқылыўы, сабыўдың әҳмийети туўралы түсиниклер берилди. Сондай-ақ, қатнасыўшылар «Супер балықлар» фермер хожалығында да болып, ол жердеги жумыслар менен танысты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги