Өзбекстан басшылығының бийлигине тийкарланып жиберилген гезектеги гуманитарлық жүк Қырғызстан пайтахтына жетип келди. Бул ҳаққында Қырғызстан Республикасы ҳүкиметине сүйенип Спутник хабар берди.

Жүклерди қабыл етиў мәресиминде Қырғызстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Эльвира Сурабалдиева  COVID-19ға қарсы гүресиў илажлары шеңберинде көрсетилип атырған жәрдем ушын Өзбекстан ҳүкиметине миннетдаршылық билдирди.

«Бул коронавирус инфекциясына қарсы гүресиўге қаратылған биринши гуманитарлық жәрдем емес. Қыйын ўақытта Өзбекстан тәрепиниң қоллап-қуўатлаўы оғада өз ўақтында болмақта ҳәм бул мәмлекетлер арасындағы шын мәнисиндеги туўысқанлық қатнасықларының дәлили болып есапланады», – деди Сурабалдиева.

Медициналық жүк қурамынан қорғаныў кийимлери ҳәм көзәйнеклери, бир мәрте қолланылатуғын  нықап ҳәм қолғаплар, дәри-дәрмақлар, COVID-19ды анықлаў тестлери, шприцлер ҳәм тамызғышлар (капельница) орын алған.

Еслетип өтемиз, 2020-жыл июль айында да Өзбекстан Қырғызстанға улыўма салмағы сегиз тонна болған гуманитарлық жәрдемниң гезектеги партиясын жиберген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги