Тахтакөпир районында жайласқан Қаратерең көли балық аўлаў ҳәм шарўашылық ушын қолайлы, соның менен бирге, дем алыў ушын пайызлы орынлардың бири болып табылады.

 

Қаратерең – ени 5-6 км, узынлығы 26 км ге шекем созылған көл. Бөршитаўдың төбесинен қарағанда түби қап-қара, терең болып көрингени ушын «Қаратерең» деп аталып кеткен.

 

Буннан 30-40 жыллар бурын көл әтирапында балалар дем алыў лагери қурылып, көп балалар дем алған болса, 2018-жылдан баслап көл бойында қараүйлер тигилип, жергиликли халық ҳәм туристлердиң дем алыўы ушын қолайлы шараятлар жаратылмақта.

 

Өзбекстан Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы Қаратерең көлиниң тәкирарланбас гөззаллығын көрсетиўши фотоларды жәриялады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.