Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-сентябрьдеги “Мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилигин және де арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң арнаўлы буйрықларында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде қәнигелик арттырыўдың “Методикалық шеберлик сааты” илажларын сапалы түрде жолға қойыў мақсетинде республикамыздағы 25 таяныш мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде «Методикалық шеберлик күни» илажлары басланды.

Онда ментор тренерлер тәрепинен МШБШ жетекшилерине мектепке шекемги билимлендириў сабақларының сапасы, балалар менен ислесиў психологиясы үйретилип, МШС илажларын әмелге асырыўда оқыў сабақларын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша билим ҳәм көнликпеге ийе болады.


Семинарда 25 ментор, 446 жетекши педагоглар қатнаспақта. Бул арқалы Республикамыздағы 471 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директорларының орынбасарлары оқытылып, нәтийжеде 9 мың 26 педагогты  қамтып алыў режелестирилген.

Методикалық шеберлик күнлерин ҳәр айдың 1-3-ҳәптелигинде сийшемби күнинде өткериў белгиленген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги