Ҳиндстанның Лакхнау қаласында гандбол бойынша жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында  Халықаралық гандбол федерациясы кубогиниң Азия континети басқышы өз жуўмағына жетти.

Қуўанышлы тәрепи сонда, бул жарысқа қатнасқан Өзбекстан U-18 ҳәм U-20 сайланды командалары да табыслы қатнасып, финал беллесиўлеринде жас өспиримлеримиз Ҳиндстан сайланды командасын 47:23,  U-20 командамыз Қазақстан сайланды командасын 38:18 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Соны айтып өтиўимиз керек, чемпион командалар қурамында қарақалпақстанлы Баймурат Рейпназаров, Шахзад   Шерниязов ҳәм Рахат Жолдасбаевлар қатнасып, сайланды команданың жеңисине өзлериниң салмақлы үлеслерин қосты.

 

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы