Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаева Шоманай, Хожели ҳәм Тақыятас районларында болып, мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға сапары даўамында белгилеп берилген  тапсырмалар ҳәм кеңейтилген тәризде өткерилген мәжилис протоколының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысты.

Дәслеп Шоманай районындағы «SHomanay eco teks» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болды.

Усы жылдың март айында иске түсирилген кәрханаға Швейцария, Япония, Түркия мәмлекетлеринде ислеп шығарылған заманагөй үскенелер орнатылған. Нәтийжеде 480  жаңа жумыс орны жаратылды. Бүгинги күнге шекем 4500 тонна өним Пакистан, Қытай Халық Республикасы, Түркия мәмлекетлерине экспорт етилди.

Жаңа кәрхананың иске түсирилиўи менен көплеген ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленди. Солардың ишинде райондағы «Дийқанабад» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Салтанат Бекниязова да жумыслы болды.

-Қоңырат химия-технология кәсип-өнер колледжин 2013-жылы питкерип, жумыссыз едим,-дейди С.Бекниязова.-Бизлер районымызда заманагөй кәрхананың иске түсиўин әрман ететуғын едик. Бүгин болса, өз қәнигелигим бойынша ислеп атырман. Жумысқа келип-кетиўимиз ушын автотранспорт ажыратылған. Жумысшылар арнаўлы кийим-кеншек, ыссы аўқат пенен тәмийинленген. Аўыл ҳаял-қызларына бундай шараят жаратып берген Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

Сенат Баслығы Т.Нарбаева бул жерде мийнет етип атырған ҳаял-қызлар менен сәўбетлести.

Райондағы «RANN-ОМАD» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине бир гектар майданда ыссыхана жойбарын шөлкемлестириў ушын 4,3 миллион сум қаржы ажыратыў режелестирилген болып, соннан Қубла Кореяның «Myung Sung Placon»» LTD  фирмасынан шәртнама тийкарында 500 мың АҚШ доллары муғдарындағы кредит есабынан заманагөй үскенелер алып келинип орнатылды.

Бул жойбар өткен жылдың январь айында пайдаланыўға тапсырылды ҳәм 30 жаңа жумыс орны жаратылды. Ыссыханада жылына 120 тонна қыяр жетистирилип, ишки базарды тәмийинлемекте. Алдағы ўақытлары ыссыхананы 5 гектарға жеткериў режелестирилген. Сенат Баслығы бул жерде мийнет  етип атырған ҳаял-қызлардың машқалалары менен қызықты.

Жас исбилермен Шахрибану Юсупбаева өткен жылы 25 миллион жеңилликли кредит алып, миллий ҳәм заманагөй кийим-кеншек тигиў цехын ашты. Бул жумысларды еле де кеңейтип, усы жылы 200 миллион сум кредит есабынан «Шоманай-Шаменай» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин ашты. Тигиў цехы ҳәм гөззаллық салонында  бүгинги күни 13 ҳаял-қыз мийнет етпекте.

Карантин дәўиринде кәрханада жумыс тоқтаған жоқ. Бул жерде және 13 ҳаял-қызды жумыс пенен тәмийинлеў, «Темир дәптер»ге кирген, үйде жумыссыз отырған 65 ҳаял-қызды қайта кәсипке оқытыў режелестирилген.

Усы күни районның сектор басшылары ҳәм депутатлары менен  ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында белгилеп берилген тапсырмалардан келип шығатуғын ўазыйпалар туўралы сөз болды. Бул бойынша депутатлар өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаева сондай-ақ, Хожелидеги 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»нде, Тақыятас районындағы «Nayman agro teplica», «Atiyag gulzar» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлеринде болып, район белсендилери менен ушырасты.

Ушырасыўларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының  орынбасары А.Давлетов қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери