Усы жыл 14-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде елимизде гендер теңликти тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.

Оны Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы, гендер теңликти тәмийинлеў бойынша комиссияның баслығы Т.Нарбаева басқарып барды.

Атап өтилгениндей, усы жылдың өткен айлары даўамында комиссия тәрепинен  гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызларды басым өткериў ҳәм жаўызлықтан қорғаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.  Атап айтқанда, елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўға қаратылған бир қатар нызам ҳүжжетлери қабыл етилди. Комиссия тәрепинен БМШ ниң Ҳаял-қызларды кемситиўдиң ҳәр қандай формаларын сапластырыў ҳаққындағы конвенция қағыйдаларын турмысқа енгизиў және Пекин ҳәрекетлер платформасы ҳәм Миллий режени әмелге асырыў үстинде жумыс алып барылмақта.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 2019-жыл 10 июньдеги қоспа қарары менен «Ҳаял-қызлар мийнети толық ямаса шамалы қолланылыўы қадаған етилетуғын мийнет шараяты қолайсыз болған жумыслар» дизими бийкар етилди.

Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқықлары менен имканиятлар тәмийинлеўге қаратылған «2020-2030-жылларда Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясы»ның жойбары таярланып, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер менен келисилмекте. Бул стратегиядағы барлық бағдарлар БМШ ның  2030-жылға  шекем мөлшерленген Турақлы раўажланыў мақсетлерине муўапық ислоеп шығылғанлығы атап өтилди.

Илажда гендер теңликти тәмийинлеўдеги кемшиликлер, оларды сапластырыў илажлары, алда турған ўазыйпалар бойынша кең түрде түсиник берилди.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер елимизде гендер теңликти тәмийинлеў бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Баспасөз әнжуманына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери