Бүгин, 16-ноябрьден Республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 12-ноябрьдеги жыйналыс қарарына муўапық жоқары оқыў орынларында арнаўлы жоба-график тийкарында оқыў процеси дәстүрий тәризде басланды.

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында арнаўлы илажлар жобасы ҳәм график ислеп шығылып, усы тийкарда дәстүрий сабақлар басланды.

– Институтымызда бакалавриаттың күндизги ҳәм кешки билимлендириў бағдарларының 1-курс студентлери, ал бүгин, 16-ноябрьден баслап бакалавриаттың күндизги билимлендириў бағдарларының жоқарғы курс (2-3-4-курс) студентлерине дәстүрий сабақлар басланды, – дейди институттың оқыў-методикалық басқармасы баслығы А.Абдиев. – Сыртқы билимлендириў бағдарларының, сондай-ақ, магистратура қәнигеликлериниң студентлери оқыўын онлайн тәризде даўам еттирмекте.

Пандемия шараятын есапқа алған ҳалда дәстүрий сабақлар 50 минут даўамлылықта алып барылмақта. Соның менен бирге, студентлер ҳәм олардың ата-аналары менен өткерилген сораўнама нәтийжелерине қарай студентлерди дәстүрий ямаса онлайн тәризде оқытыў жолға қойылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.