Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының 1050 қысқа номерине усы жылдың 12-ноябрь күни Нөкис қаласы Абадан көшесинде жасаўшы пуқара мүрәжат етип, үйине зәҳәрли жылан кирип алғанын айтып, пуқаралық жәрдем сорады.

 

Басқарманың ҒХҚ ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиў топары баслығы, аға лейтенант А.Абдирахмановтың хабар бериўинше, басқарманың арнаўлы қутқарыў отряды тәрепинен үй ишине кирип алған зәҳәрли жылан зыянсызландырылды.

Сондай-ақ, 13-ноябрь күни Нөкис қаласы Хожели гүзары бойындағы 27-киши райондағы үйлердиң бириниң есиги қулыпланып, үй ишинде бир ярым жасар нәресте жалғыз қалып қойғаны бойынша мүрәжат келип түсти. Қутқарыўшылар тезлик пенен ўақыя орнына жетип барып, пуқараларға әмелий жәрдем көрсеткен ҳәм нәрестени ата-анасына тапсырған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.