Хожели районы ҳәкимлиги басламасы ҳәм қоллап-қуўатлаўы менен райондағы «Саманкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Айжамал» атамасындағы қарақалпақша сериал сүўретке алынбақта.

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети баслығы Бектурсын Хожановтың бизге мәлим етиўинше, сериалдың сценарийси Бахытбек Ельманов (марҳум), Ләззет Есемуратова ҳәм Айбек Төреевлердиң қәлемине тийисли. Ҳәм сценарий авторы, ҳәм сериал режиссёры сыпатында Айбек Төреев сериалды сүўретке алыў жумысларын нәтийжели алып бармақта.

Бизге мәлим етилиўинше, сериалды усы жылдың декабрь айында халқымыздың нәзерине усыныў жобаластырылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.