Мүнәсибет

Усы жыл 10-ноябрь күни Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилип, онда Қарақалпақстан Республикасын раўажландырыў бойынша үш жыллық бағдарламада белгилеп берилген илажлардың орынланыўын системалы түрде шөлкемлестириў бойынша мәселелер додаланды.

Атап айтқанда, 17 район ҳәм қаланың өзине тән «өсиў ноқат»ларынан келип шығып, 2020-2022-жылларда улыўма баҳасы 12 триллион 300 миллиард сум болған 1359 инвестициялық жойбарлар ислеп шығылған.

523 миллион долларлық тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў, 20 мыңға шамалас жаңа жумыс орынларын жаратыў белгиленген.

Буннан басқа, бағдарлама бойынша пахта жетистириў бийкар етилип атырған 12 мың гектар жерге экспортқа мөлшерленген овощ егинлериниң егилиўи, пайдаланыўдан шыққан 36 мың гектар жердиң қайта өзлестирилиўи, «Қарақалпақ-агро» еркин экономикалық зонасының шөлкемлестирилиўи, гүнжи жетистирилиўи, нәсилли қара маллар санының көбейтилиўи, Хожели районының шарўашылық ҳәм мийўе-овощқа қәнигелестирилиўи белгилеп берилди.

Буны өз гезегинде мәмлекетимиз басшысының қарақалпақ халқына болған және бир меҳри-итибары, деп билемиз. Оны жүректен сезинип, ҳәр бир қарақалпақстанлы ўатанласымыз Президентимизге болған исенимин және де беккемлейди. Биз депутатлар усы жумысларды әмелге асырыўда Президентимизге қол-қанат болыўымыз керек.

 

Шарапат Өтемисов,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги