20-декабрь күни Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында қарақалпақша айтыс болып өтеди.

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилип атырған бул илаж жаңа жыл байрамы қарсаңында миллий үрп-әдет дәстүрлеримизди, соның ишинде шайыр ҳәм бақсыларымыздың, әсиресе төкпе шайырлардың айтыс өнерин және бир мәрте жаңаша руўхта сәўлелендиреди.

Оған республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан көзге көринген белгили көркем өнер шеберлериниң, сөз усталарының қатнасыўы күтилмекте.

Айтыс өнери қарақалпақ әдебияты менен мәдениятында көп жыллар бойы нәзер аўдарылмай қалған өнер түри есапланады. Мәденият жанкүйерлери тәрепинен халқымыздың усы әжайып өнери қайта сахна жүзин көрмекте.

Бул ҳаққында толық мағлыўматларды кейинги мақалаларымызда берип барамыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги