Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Қараөзек районлық медицина бирлеспесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 29-июнь күнги «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманында көрсетилген талапларды орынлаў мақсетинде ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда пәрманның мазмун-мәниси терең түсиндирилип, коррупция елдиң раўажланыўына үлкен зыян келтиретуғын иллет екенлиги, бул иллеттен қутылыў ушын барлық пуқаралар бирдей ҳәрекет етиўи лазымлығы, ең тийкарғысы мәмлекетлик басқарыў уйымларының басшылары ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң жуўапкершилигин және де күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Ушырасыўда қатнасыўшылар менен коррупцияны келтирип шығаратуғын факторлар ҳәм оны сапластырыў жоллары бойынша социаллық сораў өткерилди,-дейди ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң бөлим баслығы Қ.Бекназаров.

Усындай ушырасыўлар Қоңырат, Шоманай, Қанлыкөл районларында да өткерилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги