Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити және сорастырыў ҳәм ҳәкимшилик әмелият бөлимлери хызметкерлери тәрепинен аймақта жумыс алып барыўшы исбилерменлик субъектлериниң  биреўиниң атына келген товарлар бажыхана тексериўинен өткерилгенде мине усындай жағдай анықланды.

Атап айтқанда, усынылған жол-жүк ҳүжжетлеринде «аўысық бөлеклер» деп көрсетилген товарлар, негизинде бир пүтин өзи аўдаратуғын жүк автомашинасы болып шықты.  Бул аўысық бөлеклер жыйналыўы нәтийжесинде пайда болған ҳәм улыўма баҳасы 414 миллион сумға баҳаланған «GINAF» маркалы жүк автомашинасы нызамлы қарар шығарылғанға шекем ўақтынша сақлаўға алынды. Бул товар «еркин айланысқа шығарыў» бажыхана режимине рәсмийлестирилгенде дәслепки есап-санақларға бола 255 миллион сум муғдарында бажыхана төлеми төлениўи кереклиги мәлим болды.

Айырым пуқаралар тәрепинен әмелдеги нызамшылық талапларына муўапық елимиздиң бюджетине төлениўи тийис болған бажыхана төлемлеринен түрли себеплер менен қашыў, солай етип бажыхана хызметкерлерин шалғытыў жағдайлары ушыраспақта Деген менен, олар тәрепинен пухта ойланған «режелер»диң қырағы бажыхана хызметкерлери тәрепинен өз ўақтында алды алынбақта.

Жоқарыдағы жағдай бойынша сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы