Социаллық тармақлардың биринде күни кеше «Саманбай» елатындағы көпирде оңлаў жумыслары бир айдан зыят ўақыттан берли питпей атырғанлығы себепли сол орында бир қатар машиналар мәнзилине бара алмай турып қалып атырғанлығы ҳаққында видео-хабар тарқалды. Бул бойынша Нөкис қаласы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети үйрениў жумысларын алып барды.

 

Нөкис қаласындағы «Арнасай» каналы көпириндеги ири оңлаў ҳəм реконструкция жумыслары «Қарақалпақстансувқурилишинвест» МУК буйыртпасына тийкар «Арал гидро строй» ЖШЖ тәрепинен 2020-жыл 15-октябрьден баслап әмелге асырылмақта. Қурылыс жумысларына  «Қарақалпақстансувқурилишинвест» МУК тәрепинен 1,5 млрд сўм  қаржы ажыратылған.

«1974-жылы  салынған «Арнасай» каналы көпириниң узынлығы 96 метр, ени 10,5 метрди қурайды. Соңғы 50 жылдан артық дәўир аралығында бул көпирде  ири оңлаў жумыслары алып барылмағанлығы себепли, көпирдың үстинги қабатлары ҳәм де астынғы арматуралары, бетон плиталары талапға жуўап бермейди. Сол себепли, ҳәзирги ўақытта көпирдиң ярым бөлегиндеги бетон плиталарды алмастырыў жумысларын алып барып атырмыз. Таза бетон плиталары  таяр, тек  ескилерин алып, орнына жайғастырылады. Усы күнге шекем көпирде пиядалар өтиўи ушын орын ажыратылмаған. Көпирдиң енине 40 см қосыў есабынан пиядалар өтиўи ушын жолларды қурып беремиз. Қурылыс жобасы 90 күнге белгиленген. Биз оны ертерек жуўмақластырыўды жобаластырып отырмыз», – дейди «Арал гидро строй» ЖШЖ жумысшы топар басшысы Ниетбай Сапаев.

Көпирдиң бир тәрепиниң жаўып қойылыўы, автотранспортлардың ҳәрекетлениўинде тәртипсизликлерди жүзеге келтириўи  тәбийғый жағдай. Оның алдын алыў бойынша «Арал гидро строй» ЖШЖ баслығы Д.Ибрагимов менен байланысқанымызда, «аймақ ушын 10 белгиден ибарат жол белгилери жойбары ислеп шығылып, Қарақалпақстан Республикасы ИИМ ЖҲҚБ менен келисилгенин мәлим етти. Бул жолда қурылыс жумыслары алып барылып атырылғанлығы ҳаққындағы жол белгилери бүгинги күнде орнатылған. Бунннан тысқары, Нөкис қаласында жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметкерлерин усы жолға қойылыўын сорап, тийисли органларға мүрәжат етип атырмыз». –  дейди Д.Ибрагимов.

Ҳүрметли Нөкис қаласы,  сондай-ақ, «Саманбай» елаты турғынлары ҳәм қаламыз мийманлары!

 

Аймақта бунан былай да усындай жағдайлар жүзеге келмеўи ушын, орнатылған жол белгилерине муўапық ҳәрекетлениўиңизди соранамыз.

Бир-еки айлық қурылыс жумысларына шыдамсызлық етип, кесент етпейик. Бул көпир келешекте халқымыз ийгилиги жолында неше жыллар даўамында хызмет ететуғынын умытпайық.

 

Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.