Ата-аналар тәрепинен екинши шеректен барлық оқыўшылар толық дәстүрий тәриздеги оқыўға қайта ма, деген сораўлар келип түсип атырғаны ушын ӨзР Халық билимлендириў министрлиги усы мәселе бойынша түсиник берди.

 

«Ҳәммеге мәлим, мектеплерде быйылғы оқыў жылы ата-аналардың ықтыяры тийкарында онлайн және дәстүрий тәризде жолға қойылды. Бирақ, тилекке қарсы, ҳәзирги ўақытта жағдайды дурыс түсинбестен, айырым ата-аналар тәрепинен перзентин мектепке жибермеў менен бирге, «Онлайн сабақлар» ўақтында перзентиниң сабақ таярлаўын тәмийинлеўдиң орнына, көшеде жүриўине жол қойып атырғаны ямаса оны басқа жумыслар менен бәнт етип қойыў жағдайлары бақланбақта.

 

Атап өтиў керек, перзентлеримиздиң зая кетип атырған ҳәр бир күни оның ертеңги келешегине өзиниң унамсыз тәсирин көрсетпестен қалмайды, баланың мектепте билим алыўын ҳеш қандай ең заманагөй технологиялар менен де орнын басыўдың илажы жоқ.

 

Сол себепли, ҳүрметли ата-аналардан үйинде баласының телевидение арқалы онлайн билим алыўына толық шараят жаратыўдың имканияты болмаса, перзентлерин мектепке жибериўин сораймыз», – деп жазылған министрликтиң хабарында.

 

Хабарда қосымша етилиўинше, ҳәзирги ўақытта Өзбекстандағы 10 008 мектептиң дерлик барлығында дәстүрий билим алыў имканияты жаратылған. Оқыўшылардың 4,6 миллионы, яғный 74% и дәстүрий, қалған 1,6 миллионы, яғный 26% и онлайн тәризде билим алмақта.

 

Халық билимлендириў министрлиги оқыў толық дәстүрий тәризге өтиўи бойынша қарар қабыл етилген жағдайда министрликтиң рәсмий дәреклери арқалы мағлыўмат берилиўин атап өтти. Сондай-ақ, онлайн оқыў тәризи толық бийкар етилген жағдайда да «Онлайн мектеп» жойбары турақлы түрде даўам етиўин еслетип өтти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.