Бажыхана уйымлары елимизге кирип ҳәм шығып атырған пуқаралар арасынан жасырын түрде товар алып өтиўге урынбақшы болғанларды анықлаўда заманагөй техникалық жетискенликлерден толық пайдаланыўға ҳәрекет етпекте.

Усындай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде, анықланған фактлер  турақлы түрде ғалаба хабар қуралларында жәрияланып барылмақта. Шегара постларында ескертилмекте. Бирақ, соған қарамастан «билдирмей өтип кетермен», деген қыял менен товарларын жасырын түрде алып өтиўге урыныўлар еле ушыраспақта.

Жақында, «Даўыт ата» шегара бажыхана посты арқалы Өзбекстаннан Қазақстанға шығып баратырған “Daf” маркалы жүк автотранспорт қуралы постта орнатылған инспекциялық тексериў комплекси арқалы бажыхана қадағалаўынан өткерилгенинде, рентген сүўрет арқалы тийелген жүклердиң ҳүжжетлерде көрсетилгенлер менен сәйкес емеслиги анықланды. Сонлықтан, қосымша бажыхана тексериўи өткерилип, усыныс етилген жол ҳүжжетлеринде көрсетилмеген ҳәм бажыхана хызметкериниң аўыз еки сораўында айтылмаған, ҳеш қандай тийисли ҳүжжетлери болмаған, дәслепки сораўға бола баҳасы 66,8 миллион сумлық ҳәр қыйлы түрдеги 204 дана жеңил автотранспорт қуралларының аўысық бөлеклери бар екенлиги анықланды.

Сондай-ақ, усы постта Қазақстаннан пуқара Г.Г.ның басқарыўында кирип келген “Daf” маркалы жүк автотранспорт қуралы да бажыхана тексериўинен өткерилди. Автомашинада жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетилмеген, дәслепки сораўға бола баҳасы 10 миллион 950 мың сумлық 73 килограмм гүл туқымларын, ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз, карантин рухсатнамасы ҳәм фитосанитар сертификатысыз жасырын түрде алып киятырғанлығы анықланды.

Ҳәзирги ўақытта усы анықланған фактлер бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги