Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзинпинниң мирәт етиўине бола 4-ноябрь күни Шанхай қаласында болып өтетуғын Импорт өнимлери үшинши Қытай халықаралық көргизбесиниң ашылыў мәресими қатнасыўшыларына видеобайланыс арқалы қутлықлаў жоллайды.

Мәмлекетимиз басшысы өз-ара пайдалы саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўдиң ең әҳмийетли тәреплери және коронавирус пандемиясы келтирип шығарған кризисли жағдайларды биргеликте жеңип өтиў илажларына тоқтап өтеди.

Илажда бир қатар сырт еллердиң мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшыларының да қутлықлаў сөзи менен шығыўы күтилмекте.

 

ӨзА