Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң орынбасары А.Икрамовтың басшылығындағы жумысшы топар  республикамызға келип,  мәҳәлле системасында әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар, халық арасында ушырасып атырған машқалалар ҳәм олардың келип шығыў себеплери, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысын үйренди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде мәжилис өткерилди. Мәжилиске район (қала)лық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлимлериниң баслықлары, орынбасарлары, қәнигелери ҳәм Жаслар агентлиги хызметкерлери қатнасты.

Мәжилисте Президентимиз тәрепинен мәҳәлле системасының жәмийеттеги абырайын арттырыў, өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысларын және де жетилистириў, оның ўазыйпалары менен ўәкилликлерин кеңейтиўге үлкен итибар берилип атырғанлығы атап өтилди.

Министрликтиң жумысларын дурыс жолға қойыўда олардың алдында турған ўазыйпалар бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Усы системада жумыс ислеп атырған айырым хызметкерлер, пуқаралар жыйынларының баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары елеге шекем жуўапкершиликти аңламай, жумысларды жаңаша қатнас жасаў арқалы шөлкемлестирмей атырғанлығы ҳәм пуқаралардың машқалаларының тийкарғы бөлеги өз орнында шешилмей атырғанлығы қатаң түрде сынға алынды.

Соң, Хожели, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында ушырасыў өткерилди. Ушырасыўларда пуқаралар жыйынлары, ишки ислер уйымлары ҳәм басқа да тийисли уйымлардың биргеликте өткеретуғын профилактикалық илажларын күшейтиў нәтийжесинде жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға үлкен итибар қаратылып атырғанлығы атап өтилди.

Сондай-ақ, сапар даўамында мәҳәлле баслықлары ҳәм орынбасарларының жумыслары үйренилип, ерисилген жетискенликлер, жол қойылған кемшиликлер атап өтилип, алдағы турған ўазыйпалар туўралы пикир-усыныслар билдирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги